Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 21-апрель күнги «Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў, исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, 1-май жағдайына қәлиплескен сыртқы саўда операциялары бойынша мүддети өткен дебиторлық қарзыдарлық ушын хожалық жүргизиўши субъектлерге жәриймалар қолланыў тоқтатылды. Барлық дебиторлық қарыздарлықлардың пайда болыў мүддетлери 2021-жыл 1-майдан баслап жаңадан есапланатуғын болды.
– Сондай-ақ, шет елден сырт ел валютасындағы түсим түсиўи кешиктирилиўине жол қойған экспортёрлар ҳәм «еркин айланысқа шығарыў» бажыхана режиминде товарларды алып кириў ҳәм рәсмийлестириў, жумысларды орынлаў ямаса хызметлер көрсетиўди өз ўақтында тәмийинлемеген импортёрларға нызамшылықта белгиленген жәрийма муғдары еки есеге азайтылды,-дейди басқарма қәнигеси М.Мершиева.
Усы қарар менен берилген жеңилликлер нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша усы жыл 1-май жағдайына 69 кәрхананың 85 сыртқы саўда шәртнамалары бойынша қолланылыўы мүмкин болған 4349,4 млн. сумлық жәриймаларды қолланыў тоқтатылды.
Буның нәтийжесинде кәрханалардың ықтыярында сонша қаржы қалдырылды ҳәм дебитор қарыздарлық пайда болыў мүддетлери 2021-жыл 1-майдан баслап есапланыўы нәтийжесинде қосымша 60 банк күни, 180 күн ҳәм 365 күн мүддет аралығында кәрханалар тәрепинен сырт елдеги шериклери менен өз-ара есап-санақ етиўи ҳәм дебиторлық қарызларын өндириў ушын қосымша имканият жаратылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги