Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң буйрығы менен Айрықша тийкарларға бола мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде жумыстан босатылған хызметкерлерге мүддетинен бурын пенсия тайынлаў тәртиби ҳаққындағы инструкцияға өзгерислер киргизилди (дизим саны 588-4, 04.05.2021-ж), деп жазбақта «Норма».
Ҳүжжет «Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы ӨРН-642-санлы Нызамға муўапық қабыл етилген.
Инструкция төмендеги себеплерге бола жумыстан босатылған хызметкерлерге мүддетинен бурын пенсия тайынлаў тәртибин белгилейди: технологиядағы, өндирис ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер, хызметкерлер саны (штаты) ямаса жумыс түриниң өзгериўине алып келген жумыслар көлеминиң қысқарғанлығы ямаса кәрхананың сапластырылғанлығы.
Бул шахсларға олар рәсмий жумыссыз деп тән алынған ҳәм зәрүр мийнет стажына ийе болған жағдайда мүддетинен бурын (нызам ҳүжжетлеринде белгиленген улыўмалық тийкарларға бола пенсия тайынлаў мүддетинен еки жыл бурын) пенсияға шығыў ҳуқықы бериледи:
- ерлер – 58 жаста болып, мийнет стажы 25 жылдан аз болмаған жағдайда;
- ҳаял-қызлар – 53 жаста болып, мийнет стажы 20 жылдан аз болмаған жағдайда.
Бириншиден, «Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы Нызамның жаңа редакцияда қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен оларға муўапық Инструкция қабыл етилген НҲҲлар анықластырылды – «Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы Нызамның 49-статьясының 8-бөлими, «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия менен тәмийинлениўи ҳаққында»ғы Нызамның 14-статьясы, МКниң 100-статьясы 2-бөлиминиң 1-бәнти.
Екиншиден, белгилениўинше, жумыстан босатылған шахслар мийнет шәртнамасы бийкар етилген күннен соң 30 календарь күн ишинде аймақлық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайына мүрәжат етсе, орайдың хызметкерлери 3 айлық дәўир ишинде (бурын-егер жумыстан босатылғанлар10 күн ишинде мүрәжат етсе) мақул келетуғын жумысты табыўда жәрдем бериўи керек. Егер де босатылған шахслар 30 календарь күннен кейин мүрәжат етсе, халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының хызметкерлери 10 күн мүддет ишинде мақул келетуғын жумысты табыўда жәрдем бериўи керек.
Басқа өзгерислер ҳәм қосымшалар да киргизилген.
Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 4.05.2021-жылдан күшке кирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги