МҒКАда болып өткен баспасөз әнжуманында Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң директоры Ҳилола Умарова Президент мектеплерине қабыллаў процесслери ҳәм кириў имтиханлары ҳаққында мағлыўмат берди.
Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлиги қарамағындағы 16 мектеп билимлендириў процесин алып бармақта. Олардан 4 еўи Президент мектеби, 9 ы дөретиўшилик мектеби, 3 еўи қәнигелестирилген мектеп.
Быйылғы оқыў жылынан және 10 жаңа Президент мектеби Бухара, Ферғана, Жиззақ, Самарқанд, Қаршы, Қашқадәрья, Әндижан, Гүлистан, Наўайы, Термиз, Нурафшан қалаларында ашылыўға таярлық көрилмекте.
Мағлыўмат ушын: ҳәзирги күнге шекем Ташкент қаласы, Наманган, Хийўа ҳәм Нөкис қалаларында Президент мектеплери жумыс ислеп атырған еди.
Быйыл Президент мектеплерине қабыллаў процеси 5-июньнен 25-июньге шекем, яғный, дизимнен өтиў процеси болады. Кириў имтиханлары 2 басқыштан ибарат болып, биринши таңлап алыў басқышы 20-25-июльде, екинши жуўмақлаўшы имтиханлар 20-23-августта болып өтеди.
Өткен оқыў жылында пандемия себепли кириў имтиханлары болмады. Усы жылы 10 аймақта 5-класстан 9-классқа шекем, қалған 4 мектепте 5-6-класслар ушын қабыллаў болады.
Быйыл ҳүжжетлер онлайн тәризде тапсырылады. Талабан платформа арқалы ата-анасының жәрдеминде ҳүжжетлерди толтырыўы керек болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги