Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дене мәденияты факультетине таныслары арқалы 5 мың АҚШ долларына оқыўға киргизип бериўди ўәде еткен пуқаралар қолға түсти.
Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў Департаменти ҳәм МҚХ Қарақалпақстан Республикасы басқармалары хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында пуқаралар И.Ж.,Ж.Х. ҳәм Д.Х.лар алдын ала жынайый тил бириктирип, пуқара Д.А.ны оқыўға киргизиў ушын 5 мың АҚШ доллары баҳасында 3 мың АҚШ долларын ҳәм 20 миллион сум пулды алдаўшылық жолы менен алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.
Бул жағдай бойынша пуқаралар И.Ж.,Ж.Х. ҳәм Д.Х.лар қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги