Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 27-сентябрьдеги ПП-6075-санлы «Өз әҳмийетин жойытқан нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў системасын енгизиў арқалы мәмлекетте исбилерменлик орталығын жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳаққында»ғы нызамының 20-статьясына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарар етеди:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 27-сентябрьдеги ПП-6075-санлы Пәрманында 2021-жыл 1-июньге шекем жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ескирген ҳәм өз әҳмийетин жойытқан нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин бийкарлаў илажларын көриў белгиленгенлиги инабатқа алынсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ескирген ҳәм өз әҳмийетин жойытқан нормативлик түрдеги қарарлары қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Нөкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимликлери:
10 күн мүддетте жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мәмлекет есабына алынған, бирақ, Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасына (lex.uz) жайластырылмаған қарарларды хатлаўдан өткерсин ҳәм хатлаў нәтийжесинде анықланған өз әҳмийетин жойытқан ҳәм ескирген қарарларын белгиленген тәртипте бийкарлаў илажлары көрилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баспасөз хызмети (А.Ажимуратов) ғалаба хабар қураллары арқалы усы қарардың рәсмий жәрияланыўын ҳәм Министрлер Кеңесиниң рәсмий веб-сайтына жайластырылыўын тәмийинлесин.
- Бул қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап өз күшине киретуғыны белгилеп қойылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы министрликлери, мәмлекетлик комитетлери ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер, қала ҳәм районлар ҳәкимликлери нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин белгиленген мүддетте усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбетқадыровларға жүкленсин.
Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.САРИЕВ.