Дыққат, таңлаў!

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўын жәриялады. Таңлаўға 2020-жылдың 1-июнинен 2021-жылдың 1-июнине шекем газета ҳәм журналларда, интернет басылымларында жәрияланған материаллар, эфирге узатылған телекөрсетиў менен радио еситтириўлер қабыл етиледи.

Ташкент қаласында жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қураллары ўәкиллери (таңлаўға) өзиниң дөретиўшилик жумысларын Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамына, аймақлардағы ҒХҚ ўәкиллери болса (материалларын) аўқамның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы бөлимлери арқалы быйылғы жылдың 5-июнине шекем жеке мағлыўматнама, байланыс ушын телефон номери ҳәм паспорт нусқасын қосымша еткен ҳалда усыныўы керек болады. Барлық бағдарлар бойынша дөретиўшилик жумыслардың саны бесеўден аз, оннан көп болмаўы белгиленген.

Баспасөз ҳәм интернет бағдарлары бойынша материаллардың электрон (word) түри (материал қашан ҳәм қай жерде жәрияланғаны көрсетилиўи шәрт) төмендеги номерге (90-045-54-88) ашылған телеграм мәнзилине жиберилиўи соралады. Телевидение ҳәм радио бағдарлары бойынша дөретиўшилик жумыслар CD ҳәм DVD дисклерде қабыл етиледи.

«Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине диплом менен баҳалы саўғалар Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышлап 27-июньде өткерилетуғын байрам илажы алдында тапсырылады.

Барлық бағдарлар бойынша материаллардың негизги ямаса көширме нусқалары (тийислисинше қағаз ҳәм диск форматында) «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўына деп көрсетилген ҳалда төмендеги мәнзилге жиберилиўи керек:

1000011, Ташкент қаласы,

Наўайы көшеси, 30-жай.

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы

Мүрәжат ушын телефонлар: 71-244-64-61; 71 244-62-93.

 

ӨзА