Әййемги мәдениятлар бесиги болған Орайлық Азияның еле сыры ашылмаған қупыяларға толы жерлери көп. Шыршық алабы да усындай әҳмийетке ийе тарийхый орынлардан саналады.

Усы тарийхый аймақтың әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў, оның әжайып тәбиятын сақлап қалыў, сырлы өтмишин үйрениў, үлке ҳаққындағы жазба дәреклер менен ҳәр қыйлы дыққатқа ылайықлы мағлыўматларды кең жәмийетшиликтиӊ нәзерине жеткерип барыў ҳәм жас дөретиўшилерди журтшылыққа жақыннан таныстырыў мақсетинде «ШЫРШЫҚ» атамасындағы жаңа альманах жарық көрди.

Альманах қазақ, өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде жарық көрген болып, басылымда сексеннен аслам қәлем ийелериниң дөретпелери орын алған. Онда ҳәр аймақ дөретиўшилериниң шығармалары өз алдына топлап берилген. «Шыршықты тилине тийек еткен қарақалпақ жазбагерлери» деген айдар астында бизиң жерлеслеримиздиң де поэзиялық шығармалары менен илимий изертлеўлери жәрияланған.

Альманахтың қарақалпақ дөретиўшилерине арналған бетлери – «Бир қосық» деген темада педагогика илимлериниң докторы, профессор ҳәм белгили дөретиўши Өсербай Әлеўовтың «Шыршық» атлы баязы менен ашылған. Сол қатарда «Қарақалпақ лирикасының сәрдары» атамасы менен Қарақалпақстан халық шайыры, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы Халила Дәўлетназаровтың қарақалпақ ҳәм қазақ тиллеринде жарық көрген поэзиялық дөретпелери, «Талаптың минип тулпарын» деген айдар астында Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының әдебий консультанты, фольклортаныўшы илимпаз Сейдин Әмирланның «Шыршық алабы ҳәм оның қарақалпақлар тарийхы менен байланыслары» деп аталған илимий мақаласы, Қарақалпақстан халық шайыры Нәбийра Төрешованың бир неше қосықлары, сондай-ақ, жас шайыр Аллаяр Дәрмен қәлемине тийисли «Шыршықлы баўырларға сәлемнама» арнаўы жәрияланған.

Көпшилик оқыўшылардыӊ қолына елеберин тийип үлгермеген бул альманахта Шыршық алабы тарийхына байланыслы бай мағлыўматлар жәмлестирилген ҳәм басылымның бас мақсети усы бағдардағы изленислерди ҳәр тәреплеме даўам еттириўден ибарат. Альманахтың бас редакторы ҳәм дүзиўшиси Мекембай Омар улының пикиринше, басылым шөкемлестириўшилери жас әўладқа экологиялық тәлим-тәрбия берип барыўға да баслы дыққат қаратыўды бас жойбар сыпатында жобаластырып отыр. Альманахтың туӊғыш санына сиясаттаныў илимлериниң докторы, Туран академиясының академиги Тасполат Мәтибаев, математика илимлериниң кандидаты, доцент Есеналы Бердалиевлер пикир билдирген.

 

Бийбисәнем Меӊлимуратова,

ҚМУ Мәлимлеме хызмети қәнигелиги 1-курс студенти