«Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы»нда автомобиль бензини дерлик өзиниң басланғыш баҳасында сатылды. Биржада қәлиплескен орташа баҳа ҳәм бензинниң сатыўшы-кәрханалар тәрепинен еркин түрде орнатылатуғын басланғыш баҳалар арасындағы айырмашылық дерлик – 0,4 процентти қураған.

Өткен ҳәптеде биржа саўдаларына 30291,0 тонна АИ-80 маркалы автомобиль бензини қуйылды ҳәм олардан 18348,3 тоннасы, яғный 60,6 проценти сатылды.

Көрип шығылып атырған дәўирде сатыўшы-кәрханалар АИ-80 маркалы автомобиль бензининиң орташа басланғыш баҳаларын өнимниң бир тоннасы ушын 6 503,6 мың сумннан 6 680,9 мың сумға шекем ямаса 2,7 процентке көтерди.

Усы мүнәсибет пенен, АИ-80 маркалы автомобиль бензининиң орташа күнлик баҳасы да сәйкес тәризде 6 511,9 мың сумнан 6 691,6 мың сумға шекем, яғный 2,8 процентке, яғный сатыўшылардың басланғыш төлемлерин көтериўи есабынан өсти.

Көрип шығылып атырған дәўирде АИ-80 маркалы автомобиль бензининиң орташа ҳәптелик котировкасы 6 619,9 мың сумды, АИ-91 – 7 665,6 мың сумды қурады.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 4-апрельдеги ПҚ-4664-санлы қарарына муўапық «Өзбекнефтьгаз» АЖ қарамағындағы Бухара нефтьти қайта ислеў заводы тәрепинен биржа саўдаларына қойылатуғын автомобиль бензининиң басланғыш баҳалары, жәҳән биржаларындағы Brent нефтиниң котировкасынан келип шығып қәлиплеседи.

Түрли дәреклерде келтирилиўинше автомобиль бензининиң бир тоннасы орташа 1293-1370 литрди қурайды.

Бул ҳаққында xs.uz сайты мәлим етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги