Мен Шымбай районы «Әжинияз» көшеси 86-жай турғыны Нағыйма Сапароваман.

Усы жылдыӊ 14-апрель күни Қарақалпақстан хабар агентлигине  пенсияға шығыўым мәселесинде ушырасып атырған машқалалар бойынша мүрәжат еткен едим.

Мениӊ бул мүрәжатым агентлик журналисти Адилбай Оразов тәрепинен үйренип шығылып, бизиӊ машқаламыздыӊ нызамлы түрде шешилиўине жәрдем көрсетти ҳәм соныӊ нәтийжесинде мен ғаррылық пенсияға шығыўға миясар болдым.

Буныӊ ушын Қарақалпақстан хабар агентлигине өзимниӊ шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. Илайым хабар агентлиги жәмәәтиниӊ алдағы дөретиўшилик жумысларында мол табыслар тилеп, халық алдында бәлент абырайға ерисиўине шын кеўилден тилеклеспен деп шымбайлы ветеран  апаӊыз Нағыйма Сапарова.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги