Өткен шемби күни республикамызда белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Аллаяр Қораз улы Досназаровтың туўылғанының 125 жыллығына бағышланған илажлар болып өтти.
Дәслеп илаж қатнасыўшылары Нөкис қаласындағы А.Досназаровтың бюстине гүл шеңберлерин қойды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев бабамыздың естелигине ҳүрмет көрсетти. Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрликлер менен уйымлардың басшылары, сырт елли мийманлар, илимпазлар, дөретиўшилер, А.Досназаровтың урпақлары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «А.Досназаров ҳәм Қарақалпақстанның жаңа тарийхы» атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.
Конференция қатнасыўшылары дәслеп А.Досназаровтың өмири ҳәм халқымыз алдындағы хызметлерине бағышланған фильмди тамаша етти.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов басқарып барды.
Буннан кейин Қазақстан Республикасы Атыраў қаласындағы «Едил жайық» Қарақалпақ миллий-мәдений орайы бирлеспесиниң баслығы Ж.Пишенбаев, Ақтаў қаласындағы «Аллаяр жолы» Қарақалпақ миллий-мәдений орайы баслығының орынбасары Қ.Таўмуратов, Алма-ата қаласындағы «Әмиў жағасы» Қарақалпақ этномәдений орайының ағзасы Г.Бегимова шығып сөйлеп, бабамыздың ҳүрметине өткерилип атырған әнжуманға мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирди. Сондай-ақ белгили илимпаз, тарийх илимлериниң кандидаты Б.Алланиязов, «Сәният» журналының бас редакторы, Қарақалпақстан халлық жазыўшысы А.Султанов А.Досназаровтың халқымыз ушын еткен мийнетлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқтап өткен болса, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров бабамызға арналған қосығын оқыды. А.Досназаровтың урпақлары атынан ақлығы Б.Алламбергенов конференция шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдирди.
Атап өтилгениндей, Президентимиз өткен жылы 31-август күни Репрессия қурбанлары музейине сапары ўақтында нуранийлар, улама ҳәм зыялылар менен ушырасыўда «Бул инсанлар ҳақыйқый жетекшилер, алдыңғы зыялылар, әдебият, мәденият ғайраткерлери, басқаша айтқанда, миллетимиздиң, халқымыздың ең сайланды ўәкиллери еди. Көз алдыңызға келтириң, егер олар репрессия етилмегенде елимиздиң раўажланыўы ушын, илим, экономика, мәденият ҳәм әдебиятымыз ушын қандай уллы ислер ислеген болар еди», деп олардың мийнетине жоқары баҳа берген еди.
Ҳақыйқатында да, 1937-1953-жылларда елимизде 100 мың адам репрессия қурбанына айланған болса, бир ғана өткен әсирдиң 37-38-жылларында үлкен репрессия дәўиринде 7 мыңға шамалас жерлесимиз қурбан болды. Соның ушын да тоталитар дүзим дәўиринде елимиздеги мыңлаған бийгүна инсанлардың «Халық душпаны» сыпатында жазықсыз жазаланғаны, қаншадан-қанша шаңарақлардың ўайран болғанлығы, балалардың жетим қалғанлығыны жасырып болмайды. Мине, усындай жазықсыз жазаланғанлардың бири Аллаяр Досназаров еди.
Ҳақыйқатында да, Аллаяр Досназаров өзиниң қысқа өмири даўамында өзине тән терең билими ҳәм тәжирийбеси, жетик шөлкемлестириўшилик уқыбы, Ўатансүйиўшилиги менен жәмийетшилик арасында кеңнен танылып, ел арасында үлкен абырайға ийе болды. Әсиресе, оның Қарақалпақстан автономиялы областын дүзиўдеги айрықша мийнетлерин, халқымыздың миллий өзгешеликлерин анықлаў, миллий мәмлекетлик шегараларды белгилеўдеги жанкүйерлигин, сондай-ақ, мәнаўиятымызды ҳәм ағартыўшылығымызды раўажландырыў жолындағы пидәкерлик мийнетлерин қанша мақтаныш етсек те арзыйды.
А.Досназаровтың естелигин мәңгилестириў, оның халқымыз ушын ислеген мийнетлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2019-жыл 28-ноябрьдеги мәжилиси шешими менен бир қатар ийгиликли ислер әмелге асырылды. Өткен жылы Нөкис қаласында бюстиниң ашылыўы, «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен оның өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған ҳүжжетли фильмниң сүўретке алынып атырғаны, өзбек ҳәм қарақалпақ тиллериндеги жаңа китапларының баспаға таярланғанлығы, илимий-теориялық конференциялардың шөлкемлестириўи уллы бабамызға деген жоқары ҳүрмет ҳәм итибардың айқын көриниси болды.
Және бир әҳмийетли тәрепи, бир топар жерлеслеримиз усы жыл Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан Россия Федерациясы Карелия Республикасы Кемь қаласындағы болып, бабамыздың қәбирин зыяратлап қайтты.
Илажда уллы бабамыздың өмирин ҳәм елимиз келешеги ушын ислеген хызметлерин терең үйрениў, оны кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери