Мүнәсибет

Быйылғы жылдың 6-май күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында шет тиллерин оқытыў системасын жетилистириў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди. Усы видеоселектор мәжилисинде Мәмлекетимиз басшысы шет тиллерин үйрениўди тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп берди ҳәм системадағы машқалалар ҳәр тәреплеме талланды.

Бизге белгили, Мәмлекетимиздиң улыўма билимлендириў мектеплеринде шет тили системасын жетилистириў бағдарындағы реформалар процесинде тийкарынан инглис тилин оқытыўға үлкен итибар қаратылды. Нәтийжеде рус тили ҳәм басқа да тиллерди оқытыў екинши дәрежели мәселеге айланып қалды. Раўажланған мәмлекетлерде мектеп питкериўшилери 4 шет тилин биледи. Соның ушын да, мәмлекетимиз басшысы өз баянатында буннан кейин питкериўшилер кеминде еки шет тилин толық билиўи шәрт деп атап өтти. Сондай-ақ, ҳәр бир министрлик, уйым, мәмлекетлик компаниялар ҳәм ири жеке меншик кәрханаларда тил үйрениўди қоллап-қуўатлаў, ҳәптениң  бир күнин белгилеп, шет тиллерин үйрениў ушын шараят жаратыў зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Әлбетте, Президентимиз тәрепинен алға қойылып атырған басламалар, әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжесинде илим ҳәм мәрипатлы бәркамал әўлад пенен елимиздиң раўажланыўы дүньяға бет  бурып, өзиниң беккем орнына ийе болады. Билимлендириў ҳәм тәрбия процесин түп-тийкарынан реформалаў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселеси сыпатында тән алынар екен, ҳәр биримизге илим менен мәрипатлы келешек әўладты тәрбиялаўдай үлкен жуўапкершиликти жүклейди.

Және бир әҳмийетли тәрепи. Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы бүгинги күнде елимиздеги 25 жоқары билимлендириў  мәкемелеринде оқытыў шет тилинде алып барылып атырғанлығы,  2016-жылы олар тек 7 еди ҳәм халықаралық тил сертификатын алған питкериўши оқыўшылардың саны соңғы 3 жылда 10 есеге артқанлығын атап өтти. Сондай-ақ, усы жылы «Эл-юрт умиди» қоры арқалы  350 студенттиң абырайлы  сырт ел университетлеринде оқыўы ушын стипендиялар ажыратылды. Бул өткен жылларға салыстырғанда 5 есеге көп. Президент атап өтилген көрсеткишлерге қарамастан, шет тиллерин оқытыў бойынша орынлардағы ҳақыйқый жағдай қойылған үлкен режелерге улыўма мүнәсип емес екенлигин атап өтти.

Себеби, мәмлекетимизде шет тили тәлимин жетилистириў бағдарындағы реформалар процесинде тийкарынан инглис тилин оқытыўға үлкен итибар қаратылмақта. Яғный, Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2012-жыл 10-декабрьдеги «Шет тиллерин үйрениў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы жумысларды буннан былай да жетилистириўде әҳмийетли фактор болып есапланады. Бүгинги жас әўладқа, оқыўшыларға бир неше тилди үйрениўдиң пайдалары ҳаққында үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў лазым екенлигин атап өтиў зәрүр. Тил билген- ел биледи. Бир тилди билдиңизбе, қәлейсизбе, жоқпа, сол мәмлекеттиң үрп-әдети, социаллық турмысын үйренесиз, дүньяқарасыңыз кеңейеди. Биз буны еплей аламыз, тил үйрениўге ҳәр биримиздиң қәлеўимиз  күшли болыўы керек. Бирақ, орынлардағы жағдай мақсет етилген үлкен режелерге сәйкес емес. Себеби, билимлендириў системасында 2 мыңнан аслам шет тили муғаллими лаўазымы вакант болып қалған ҳәм 1 мың  400 мектепте шет тилин оқытыў сапасы улыўма қанаатландырарсыз.

Сол мақсетте видеоселектор мәжилисинде Министрлер Кабинети жанында Шет тиллерин үйрениўди кеңнен ен жайдырыў агентлиги шөлкемлестирилетуғыны мәлим етилди.

Ең әҳмийетлиси, мәмлекетимиз басшысы шет тиллери бойынша ең жақсы мектеплерди анықлаў ушын Президент сыйлығын енгизиў усынысын билдирди.

Жәмийетте, күнделикли турмыста өзгерислер болып атырған бир ўақытта билимлендириў тараўы жаңаланатуғыны тәбийғый екенлигин жуўмақ орнында атап өтиў керек. Шет тиллерин үйрениўди ҳәр биримиз өзимизден баслаўымыз керек. Әҳмийетлиси, бул өзимиздиң потенциалымыз ҳәм кәсиплик шеберлигимизге байланыслы.

 

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

Илим, мәденият ҳәм спорт мәселелери

комитетиниң ағзасы

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги