9-май  – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

Республикамызда 9-май -Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 76 жыллығы кең түрде белгиленди.

 Байрам илажлары Нөкис қаласындағы «Истиқлол» балалар дем алыс орайында басланды. Бул жерде Президентимиздиң байрам қатнасыўшыларына, нуранийларға қутлықлаўы видеобайланыс арқалы алып көрсетилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, Президентимизди ҳәм гүллән халқымызды Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 76 жыллығы менен қутлықлады. Елимизде урыс қатнасыўшыларына, фронт арты мийнет нуранийларына ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына көрсетилип атырған айрықша ғамқорлыққа тоқтап өтти.

Буннан кейин   илажлар Еслеў майданындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги алдында даўам етти

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, министрликлер, кәрханалар, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, сенаторлар, депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жаслар әскерий оркестр музыкасы астында естелик алдына гүл шеңберлерин қойды. Сондай-ақ, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, министрликлер, жәмийетлик шөлкемлер атынан да гүл шеңберлери қойылды.

Быйылғы жылы карантин қағыйдалары сақланған ҳалда Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин өткериўге айрықша таярлықлар көрилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 20-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 20-апрельдеги   «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 76 жыллығы мүнәсибети менен оларға Президентимиздиң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилип, 12 000 000 (он еки миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық, баҳалы саўғалар, ҳәкимликлер, тийисли министрликлер, жәмийетлик шөлкемлер, ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен саўғалар тапсырылды. Буннан тысқары, екинши жер жүзилик урыста ҳәм фронт артында мийнет еткен ветеранлардың, хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларының ҳал-жағдайынан хабар алынып, материаллық ҳәм моральлық жәрдем көрсетилмекте.

Илажда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Арқа-Батыс әскерий округи, Миллий гвардия, ҳуқық қорғаў уйымларының жаўынгерлик атлы ҳәм пияда  әскерлери майдан бойлап сап тартып өтти. Урыс жылларының әскерий техникалары, қурал-жарақлары, Кураллы Күшлеримиздиң бүгинги қорғаныў қүдиретин көрсетиўши заманагөй техникалардың парадын халқымыз айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти.

Буннан кейин «Ўатансүйиўшилик бағы»ның салтанатлы ашылыў мәресими болды. Онда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев бул жерге тартылған дәстүрий  лентаны кесип, жыйналғанларды бағдың ашылыўы менен қутлықлады.

Усы жылдың 28-30-апрель күнлери аралығында Ташкент әскерий округиниң дала-оқыў майданында Қорғаныў министриниң кубоги ушын болып өткен «Ўатандысүйиўшилер» әскерий-спорт жарысында Кегейли районындағы 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң «Лашын» командасы биринши орынды ийелеген еди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов команда сәрдарына кубокти салтанатлы жағдайда тапсырды. Сондай-ақ, команда ағзаларына  «Алғыснама» ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

9-май -Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 76 жыллығына әжайып саўға болған бул бағ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2019-жылдың декабрь айында тастыйықланған «Жол картасы» тийкарында ашылды. Оның қурылысы ушын Қарақалпақстан Республикасы әскерий-ҳәкимшилик секторы тәрепинен қаржы ажыратылды.

Арқа-Батыс әскерий округи ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң басшылығы астында қурылған бул бағда урыс жылларының басланыўынан баслап, Жеңис күнине шекемги фотосүўретлер орын алған. Олардың арасында Қарақалпақстан Республикасының фронтқа берген жәрдеми ҳәм халқымыздың фронт артындағы машақатлы мийнетлери сәўлеленген. Жәми 8 дана техника: Т-64  танкасы, пиядалардың жаўынгерлик машиналары, тисли транспортёрлар, артиллерия ҳәм зенит қурылмалары орнатылған.  Экспонатлардың арасында көпшиликтиң дыққатын Су-17  самолёты тартары сөзсиз. Инженерлик қорғаныў тосықлары, окоп ҳәм блиндажлар бойлап саяхат ҳәр бир адамға урыс жылларын еслетеди.

Бағда Екинши жәҳән урысы жылларында Қарақалпақстан халқы ҳәм олардың ерлиги, жеңиске қосқан үлеси сәўлелендирилген «Еслеў үйи», пневматикалық мылтықтан оқ атыў тири, әскерий алпенизмди раўажландырыў мақсетинде скалодром, әскерий объектлер, Қорғаныў министрлиги тәрепинен жаўынгерлик техникалар, урыс қатнасыўшылары туўралы мағлыўматлар, олардың орден ҳәм медальлары, жеке буйым ҳәм кийимлери  орын алған.

Келешекте бул жер өсип киятырған жас әўладты  Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялайтуғын, халқымыздың мазмунлы деп алатуғын пайызлы орынларының бирине айланары сөзсиз.

Республикамыз көркем өнер шеберлери, Арқа-батыс әскерий округи оркестриниң атқарыўында урыс жылларының, бүгинги бахытлы турмысымызды жырлаўшы қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды.

Илаж қатнасыўшылары бағдағы экспонатлар менен танысты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери