1895-жыл 7-май күни Россия физик-химиклер жәмийетиниң мәжилисинде рус физиги Александр Степанович Попов өзиниң биринши радиобайланыс сессиясын өткерген ҳалда өзи жаратқан дүньядағы биринши радиосигнал қабыл етиўши аппаратының презентациясы ҳәм көргизбесин өткерген еди.
Сол себепли, бүгинги күнде бул сәне барлық радио байланыс тараўлары хызметкерлери ушын кәсиплик байрамы болып есапланады.
1945-жыл 7-май күни радио ойлап табылғанының 50 жыллығы сол ўақытта кеңнен белгиленди. Усы мүнәсибет пенен бул сәнени ҳәр жылы радио еситтириў күни деп есаплаў ҳаққында қарар қабыл етип, кейин ала бул сәне «Дем алыс күни» сыпатында белгиленген еди.
7-май – Радио күни барлық радио байланыс тараўлары хызметкерлериниң кәсиплик байрамы сыпатында тек Россияда емес, ал ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамының Беларусь, Армения, Қырғызстан ҳәм Қазақстан мәмлекетлеринде де белгиленеди.
ӨзА