Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов 1929-жыл 7-майда Кегейли районында туўылған.

«Секретарь», «Муғаллимге рахмет», «Соңғы ҳүжим», «Суўық тамшы», «Қарақалпақ қызы», «Маманбий әпсанасы», «Бахытсызлар», «Түсиниксизлер», «Қарақалпақ дәстаны» еки томлық ҳәм басқа да көплеген гүрриң, повесть ҳәм романларының китаплары басып шығарылған. Жазыўшының дерлик барлық шығармалары өзбек  тилине аўдарылған.

Оның шығармаларында Арал апатшылығы, региондағы экологиялық жағдай, түркий тиллес халықлардың өз-ара туўысқанлығына айрықша итибар берилген.

Жазыўшы 2010-жылы қайтыс болған. Оның атын мәңгилестириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы үлкен көшелерден бири Төлепберген Қайыпбергеновтың аты менен аталады. Ташкенттеги Жазыўшылар қыябанында оның саўлатлы естелиги орнатылған.

Төлепберген  Қайыпбергенов туўылғанының 90 жыллығы мүнәсибети менен «Ижод» жәмийетлик фонды тәрепинен қарақалпақ прозасы кәрўанбасшысының таңламалы шығармалары басып шығарылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги