Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен қала ҳәм районлардағы кәсиплик аўқамларының, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының Самарқанд қаласына саяхаты шөлкемлестирилди.

Саяхатшылар саяхат даўамында қаладағы Гөри Әмир, Шоҳи Зинда, Афрасиёб комплекслерине, Регистан майданындағы Улуғбек, Шердар ҳәм Тилла-қори медреселерине, Бибиханым жомъе мешитине, Қыдыр ата, Хожа Даниёр қәбирине ҳәм басқа да зыярат орынларына барды. Самарқанд қаласын айланып, оның бүгинги жетискенликлерин, жаңа қурылысларды көрип қала туўралы көплеген мағлыўматлар алды.

– Рамазан айында көпшилик мәкемелер, шөлкемлер тәрепинен бир қатар саўаплы ислер әмелге асырылмақта. Усы ўақытта жер жүзиниң гәўҳары Самарқандқа саяхатқа шыққанымнан оға да қуўанышлыман,-дейди Кегейли районынан Узақбай Утегенов. – Әсиресе, арамызда саяхатқа шыққанлар арасынан ҳәзирги рамазан айында ораза тутып жүргенлер де көп. Бул саяхатты шөлкемлестириў олар ушын да өз алдына саўап ис болды.

Әмир Темур ҳәм оның әўладлары тәрепинен 14-15 әсирлерде қурылған имаратлар шынында да таң қаларлық шеберлик пенен қурылған. Ҳәзирги ўақытта да олар барлық инсанларды таң қалдырып келмекте. Соның менен бирге, Самарқанд қаласының бүгинги күндеги қурылыс жумыслары да дыққатқа ылайық екен.

Биз саяхат даўамында қала менен жақыннан танысып, бир қатар жақсы мағлыўматлар алдық.

– Мен Кегейлидеги Мәденият бөлиминде ислеймен,-дейди Рахат Қурбанбаев. – Саяхат көпшилик ушын мақул болды, деп ойлайман. Саяхатшыларды алып жүриўшилер, күтип алыўшылар, шөлкемлестириўшилер барлық ўазыйпаларын жақсы алып барды. Жатақханасы, аўқаты ҳәммеге унады. Бир күнлик саяхат қаланы толық көрип шығыў ушын азлық етеди, әлбетте. Деген менен, ўақыттан утымлы пайдаланыўға ҳәрекет еттик.

Усы саяхатты шөлкемлестиргени ушын Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинен миннетдармыз,-дейди көп санлы саяхатшылар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги