Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов 1929-жыл 5-майда Шымбай районында туўылған.

Шайырдың «Бахыт лирикасы», «Күншығыс жолаўшысына», «Үйлер», «Жети асырым», «Дала әрманлары», «Кеўил кеўилден суў ишер», «Тумарис ҳәм басқа поэмалары», «Йош», «Аласатлы дүнья бул», «Дузлы самаллар», «Кеўилдеги кең дүнья», «Беглигиңди бузба сен…», «Ҳәр кимниң өз заманы бар» атамасындағы қосық китаплары ҳәм «Таңламалы шығармалары» топламлары басып шығарылған.

Ибрайым Юсупов «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлери менен де сыйлықланған.

Оның қосықлары қазақ, украин, беларусь, грузин, латыш, болгар ҳәм басқа да халықлардың тиллерине аўдарылған. Шайыр 2008-жыл 24-июльде дүньядан өткен.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң арнаўлы қарары менен Нөкисте Ибрайым Юсуповтың естелиги ҳәм оның атындағы дөретиўшилик мектеби қурылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги