Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2020-жыл 20-май күни Жазыўшылар қыябанында шайыр, жазыўшы ҳәм зыялылар менен ушырасыў ўақтында «Әдебият халықтың жүреги, елдиң мәнаўиятын көрсетеди. Бүгинги кыйын заманда адамлардың кеўлине жол табыў, оларды жақсы мақсетлерге илҳамландырыўда әдебияттың тәсиршең күшинен пайдаланыў керек. Ата-бабалардың мийрасын үйрениў, уллы мәдениятымызға мүнәсип уллы әдебият жаратыў ушын барлық шараятларды жаратамыз», деп атап өткен еди.
Ҳақыйқатында да, өткен бир жыл ишинде Жазыўшылар қыябаны адамлардың кеўлине жақсы мақсетлерге қарай ийтермелейтуғын мәрипат ҳәм мәденият орнына – орайына айланды. Студентлер менен усы қыябанды айланар екенмен, қандай да бир күш мени Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан Қаҳарманы Төлепберген Қайыпбергеновтың қарақалпақ ҳәм өзбек әдебиятының раўажланыўында тутқан шексиз орны ҳаққында өз еске түсириўлеримди жазыўға ийтермеледи.
Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан халық жазыўшысы, Өзбекстан Қаҳарманы Төлепберген Қайыпбергеновтың қарақалпақ ҳәм өзбек әдебиятының раўажланыўында тутқан орны оғада гиреўли. Ол қарақалпақ прозасын қәлиплестирген, өз усылы менен жолына ийе болған, қарақалпақ әдебиятында өзине тән мектеп жаратқан жазыўшы болып есапланады. Сондай-ақ, жазыўшы өз халқының ҳақыйқый перзенти сыпатында елдиң өтмишине, тамырына, басып өткен жолларына, миллий қәдириятларына, дәстүрлерине қызықты, үйренди және оларды көркем шығармаларында шеберлик пенен сәўлелендирди.
Мен оқыўшылық, студентлик жылларымнан-ақ Төлепберген Қайыпбергеновтың «Суўық бир тамшы», «Бахытсызлар», «Түсиниксизлер» сыяқлы шығармаларын қызығыўшылық пенен оқығанман ҳәм оның дөретиўшилиги менен азы-кем таныс едим. Буның үстине, Өзбекстан халық жазыўшысы Шүкир Халмирзаев Төлепберген аға ҳаққында бәрқулла ең жақын адамларынан бириндей, оғада ҳүрмет пенен айтатуғын еди, сонда олардың өз-ара қатнасықлары устаз-шәкиртликтен де, дослыққа жақын екенлигин, оғада жақсы, бир-бирине меҳир ҳәм ҳүрмет көрсететуғынын билетуғын едим. Олар жүректен бир-бирин түсинетуғын, бир-бирине умтылатуғын шахслар еди, бул руўхый жақынлықты еки жазыўшының өмирге көзқараслары, жасаў тәризи, минез-қулқы күнделик тутыўы, мақсет ойларындағы уқсаслықта көремен. Өз миллетиниң мәнаўияты менен әдебиятын жоқары дәрежеге көтериў, миллий образларды жаратыў арқалы оның өзине тән тарийхын, турмыс тәризин, арзыў-әрманларын әдил түрде ашып бериўин өмирдиң мазмунына айландырыў, талант, ҳадаллық, шын кеўиллик, мийнетсүйгиш, дурыс сөйлеў жазыўшыларымызды жақынластырған, деп ойлайман. Әкемниң дослары ҳәм шәкиртлери және олардың бир-бирине өз-ара ҳүрмети, меҳри күшли болғанын өз сәўбетлеринде, мақалаларында атап өткен. Менимше, Шүкир Халмирзаев ушын Төлепберген аға ҳәм устаз, ҳәм дос, ҳәм ийинлес, ҳәм пикирлес, қысқасы, ең жақынларынан бири болған.
Төлепберген ағаның Дүрмендеги бағ ҳәўлиси әкемниң бағ ҳәўлисинен бир дийўал арманлаўда болып, олар бәҳәр ҳәм жаз айларында көбинесе ол жерде дөретиўшилик пенен шуғыланатуғын, дослар, шәкиртлер менен дийдарласып, дем алатуғын еди.
1979-жылы Төлепберген Қайыпбергеновтың 50 жасқа толыўы мүнәсибети менен Шүкир Халмирзаевтиң «Шарқ юлдузи» журналының 8-санында басып шығарылған «Қарақалпақ халқының талантлы жазыўшысы» мақаласынан бир үзинди: «Әдебиятқа Бердақ ҳәм Әжиниязды берген… халық оның жаңа «Қарақалпақ дәстаны»н жаратқан Төлепберген Қайыпбергеновтей жазыўшыға ийе екен, ол ҳақыйқатында да киши емес».
Әкемниң соңғы туўылған күнинде (2005-жыл 24-март) тек ғана бир адам жоқлап келди. Бул Қайыпбергенов Төлепберген аға еди! Қарақалпақлардың шапанын, бас кийимин көтерип кирип келди ҳәм қутлықлап узақ өмир тиледи. 76 жасқа толған ақсақал жазыўшымыздан басқа ҳеш келмеди сол күни…
Билиўимше, сонда Төлепберген аға әкемди туўылған күни менен қутлықлаў ушын арнайы өз елинен Дүрмендеги бағ ҳәўлисине келген екен.
«Шүкир Холмирзаев заманласларының ядында» китабын таярлаўға кирискенимде биринши болып әкемниң соңғы туўылған күнинде бизлер менен бирге болған, оны қушақ ашып қутлықлаған, ең жақсы тилеклерин билдирип, узақ өмир тилеп қалған Төлепберген ағаға қоңыраў еттим! Ол ўақытта Төлепберген ағаның мазасы жоқ екен. Сондай болса да, естелик китабы баспаға таярланып атырғанынан қуўанышлы екенин билдирип, әкем ҳаққында оғада жақсы сөзлер айтты, бирге еследик.
Сонда мен: «Оразбай аға Абдурахмановтың хабары бар, ол да мақала жазбақшы әкем ҳаққында. Ямаса биргеликте жазып бересиз бе», дедим мазасы болмағаны себепли жазыўшыны артықша тынышсызландырмаў ушын. Сонда Төлепберген аға Қайыпбергенов: Яқ, қызым Шүкиржан ҳаққында меники өз алдына шығыўы керек, киширек болса да. Мен айтып тураман телефонда, сен жазып аласаң», деди.
Мен қағаз-қәлем алып, тез-тез жаза басладым. Усы мақаладан алынған айырым қатарлар: «Сөзге болған жуўапкершиликти толық сезинген, туўры сөзли, ҳадал жазыўшы еди. Оның терең пикирлеўи, мәрт кеўли ҳәм шаққанлығынан, өз исине пидәкерлигинен бүгинги жаслар өрнек алыўы ҳәм ол қалдырған руўхый байлықты тереңирек үйрениўи керек. Мен ҳәр сапары Дүрменде болғанымда Шүкир Халмирзаев пенен әлбетте, көрисиўге, сәўбетлесиўге ҳәрекет ететуғын едим. Оның сөзлерин узақ ўақытқа шекем еслеп, тәсирленип жүретуғын едим. Жасына қарағанда ерте ер жеткен, дөретиўшилик ғам-қайғыларын ҳәм қуўанышларын да оғада ерте сезген ҳәм бир өмир усы сезимлерге садық уллы жазыўшы, халықлар ҳәм әдебиятлар дослығы, бирге ислесиўин бәрқулла қоллайтуғын уллы дос еди».
Солай етип, Төлепберген ағаның «Жетик жазыўшы» мақаласы топламға киргизилди. Топлам 2010-жылы Ғафур Ғулам атындағы баспа-полиграфия дөретиўшилик үйинде басып шығарылды. Тап сол жылдың 15-сентябринде қарақалпақ әдебиятының жарқын жулдызы, шығармалары дүнья жүзиниң көплеген тиллерине аўдарған белгили жазыўшы, мийирман устаз, ҳақыйқый дос бул өмирден көз жумды.
Т.Қайыпбергеновтың 90 жыллығы мүнәсибети менен 2019-жылы «Сайланды шығармалар»ы басып шығарылғанынан оғада қуўандым.
Төлепберген Қайыпбергеновтың Жазыўшылар қыябанындағы естелиги мен 25 жылдан берли ислеп атырған Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң жәмәәтине бириктирилди. Ҳәзирги ўақытта «Төлепберген Қайыпбергеновтың дөретиўшилигин үйренемиз» дөгерегине басшылық етпектемен. Сүйикли жазыўшымыздың өмири ҳәм дөретиўшилигин системалы таллаў тийкарында студентлерге үйретпектемен. Студентлер Төлепберген Қайыпбергеновтың дөретиўшилиги бойынша халықаралық конференцияларда баянатлар менен қатнасып, сыйлы орынларды ийелемекте.
Төлепберген Қайыпбергеновтың қарақалпақ халқының бир неше әсирлик тарийхын, бүгинин, арзыў-әрманларын жоқары көркем шеберлик пенен жаратқан тарийхый романлары, шығармалары, драмалары, эссе ҳәм мақалаларын студентлерге үйретер екенмен, жазыўшының шахс сыпатында туўры сөзлик, ҳадаллық, дослыққа садықлық, мийнетсүйгишлик сыяқлы пазыйлетлери де ҳәр биримиз ушын үлги екенин бәрқулла атап өтемен.
Сайёра ХОЛМИРЗАЕВА,
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы,
филология илимлериниң кандидаты,
доцент
Қарақалпақстан хабар агентлиги