Ҳәр бир дөретиўши өз жумысын таллайды, қалыслық, әдиллик тәрезисине салып көреди. Усы мәнисте «Алтын қәлем» миллий сыйлығы ушын өткерилип атырған халықаралық таңлаў ғалаба хабар қураллары тараўы хызметкерлерин өз дөретиўшилигине және бир мәрте терең нәзер таслаў, жуўмақ шығарыў, излениўден, алға илгерилеўден шаршамаўға шақырық сыпатында әҳмийетли болып есапланады.

Пайтахтымыздағы «Түркистан» сарайында журналистика тараўындағы «Алтын қәлем» ХV миллий сыйлығының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаўға бағышланған илаж болып өтти.

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы баслығының орынбасары Холмурод Салимов мәмлекетимизде алып барылып атырған избе-из реформалар, кең көлемли жаңаланыўлар процесслери миллий журналистика тараўында да өзиниң айқын көринисин таўып атырғанын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери ғалаба хабар қураллары тараўындағы жаңа имканиятларға есик ашпақта. Соңғы жылларда миллий медиа тараўын раўажландырыў бойынша көплеген әмелий жумысларға қол урылды. Журналистиканың раўажланыўын гөзлеўши жақсы басламалар турмысқа жедел енгизилмекте. Сөз ҳәм баспасөз еркинлиги баспа басылымлар, социаллық тармақлар, интернет басылымлары, медиа тараўының барлық салаларында айқын көзге тасланбақта.

Ҳәзирги ўақытта еркинлик жуўапкершилигин сезиў мәселеси де айрықша әҳмийетке ийе. Президентимиздиң «Ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң жумысын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, медиа тараўда жаңа система жаратылды.

Барлық министрликлер ҳәм уйымлар, структуралардың қурамындағы баспасөз хызметлериниң жумысы және де жанланды. Олар тәрепинен социаллық процесслер ҳаққында исенимли мәлимлеме бериў мақсетинде баспасөз конференциялары, брифинглер, медиа турлар турақлы өткерилмекте. Жәмийеттеги машқалаларға оператив қатнасықлар билдирилмекте.

Соңғы жылларда елимизде үлкен аудиторияға ийе болған дерлик 290 жеке меншик ҳәм уйымлық интернет басылымлары шөлкемлестирилди. Олар тийисли мәлимлемелер менен бирге ең әҳмийетли рәсмий хабарлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде тарқатпақта. Ең әҳмийетлиси, ғалаба хабар қураллары орынлардағы машқала менен кемшиликлерди бүгин айқын жүзеге шығармақта. Олардың нәтийжели шешимине жол табыўына медиа структуралар белсене ҳәм мүнәсип үлес қоспақта.

Бүгин мәмлекетимизде 1,8 мыңнан аслам ғалаба хабар қураллары жумыс алып бармақта, олардың 60 проценттен асламын мәмлекетлик емес медиа структуралар қурайды. Интернет тармағында ғалаба хабар қураллары сыпатында дизимнен өтип, жумыс алып барып атырған веб-сайтлардың саны 630 ға жетти.

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы ҳәм Журналистлерди қайта таярлаў халықаралық орайы тәрепинен өткерилип атырған «Алтын қәлем» миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў елимиз журналистикасын буннан былай да раўажландырыў, дөретиўшилерди өз үстинде ислеўге шақырмақта. Миллий медиа әлеминде өзине тән орынға ийе болған «Алтын қәлем» сыйлығы ушын таңлаўда өткен жыллар даўамында 7 мыңнан аслам журналист 107 мыңға шамалас социаллық әҳмийетке ийе жумыслары менен қатнасты. Қатнасыўшылардан 290 нан асламы таңлаў жеңимпазы болды. 2020-жылғы таңлаў пандемия себепли өткерилмеди.

Быйыл таңлаўды өзине тән форматта өткериўге айрықша әҳмийет қаратылды. Атап айтқанда, «Сырт елли журналисттиң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын» хошаметлеўши номинация тийкарғы сыйлықлар қатарына киргизилди. Және бир өзгерис – таңлаўға усынылған материаллардың электрон түрин аўқамның journalist.uz веб сайтында ашылған «Алтын қәлем – 2021» бөлимине жайластырыў, оны бес баллық система бойынша баҳалаў жолға қойылды. Бул процессте қатнасыўшылардың жумыслары ғалаба хабар қураллары, медиа структуралар, тараўға кадр жетистиретуғын жоқары оқыў орынлары, мәлимлеме хызметлери тәрепинен баҳалап берилди.

Быйылғы таңлаўда 430 ға шамалас журналист үш мыңнан аслам дөретиўшилик жумысы менен қатнасты. Сөзге жуўапкершилик ҳәм сәўлелендириў шеберлиги, журналисттиң пуқаралық позициясы, критикалық-аналитикалық көзқарас, жоқары профессионализм, дөретиўшиликке жаңа қатнас жасаў сыяқлы нормалар тийкарында жумыслар баҳаланды. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин анықлаў, яғный жуўмақлаўшы шешимге келиўде таңлаў тәртибинде белгиленгендей, аўқамның сайтында әмелге асырылған баҳалаў нәтийжелерине де сүйенди.

Таңлаўды өткериўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў «Илҳам» жәмийетлик фондының қаржылары есабынан қаржыландырылған.

… «Түркистан» сарайында «Алтын қәлем – 2021» таңлаўының жеңимпазлары номинациялар избе-излигинде жәрияланды. Бас сыйлыққа Президентимиздиң басшылығында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жаңаланыў процесслери, реформалардың нәтийжелери кеңнен сәўлеленгени, газетада жәрияланған әҳмийетли, сын көзқарастан таллаў руўхындағы материаллар жәмийетшиликтиң итибарына ерискени ушын «Янги Ўзбекистон» газетасы ҳәм Ўатанымыздың ишки ҳәм сыртқы сиясатының мазмун-мәнисин кеңнен сәўлелендириўге, халықаралық турмыста мәмлекетимиз имиджин арттырыўға қосып атырған үлеси ушын «Дунё» мәлимлеме агентлиги мүнәсип деп табылды. Оларға сыйлықларды Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Беҳзод Мусаев тапсырды.

– Мәмлекетимиздеги реформалар халқымыз, әсиресе, баспасөз тараўы ўәкиллерин және де белсене, пидәкер болыўға шақырып атыр, – деди «Янги Ўзбекистон» газетасының бас редакторы Салим Дониёров. – Дөретиўши топарымыздың «Алтын қәлем» сыйлығына мүнәсип табылыўы бизлерге билдирилген жоқары исенимнен дәрек береди.

– Бүгин Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстан әмелге асырылып атырған жаңаланыў процесслери дүнья жүзиниң итибарына түсти, – деди «Дунё» мәлимлеме агентлигиниң директоры Садриддин Суяров. – Кең көлемдеги бул унамлы өзгерислер инсаныйлығы, халықшыллығы, социаллық жақтан бағдарланғаны себепли де халықаралық көлемде барған сайын жоқары тән алынбақта. Ҳәзирги реформаларды толық сәўлелендирип барыў ғалаба хабар қураллары тараўының ўәкиллеринен үлкен жуўапкершилик, потенциал, заман талабына сәйкес болған оперативлиликти, излениўшенликти талап етпекте.

Илажда таңлаўдың барлық номинациялары бойынша жеңимпазларға арнаўлы статуэтка, диплом ҳәм ақшалай сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды. Көркем өнер ғайраткерлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўындағы концерт бағдарламасы илажға және де өзгеше заўық бағышлады.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы