1924-жылдыӊ 25-октябринде туўылған Михаил Алексеевич Булатов урысқа  шекем Шымбай қаласында телефон устасы болып жумыс ислейди.

1942-жылы армия қатарына шақырылған ол Чаржаў қаласына эвакуация етилген Орлов пиядалар училищесине оқыўға қабылланып,  сапёр қәнигелиги бойынша тәлим алады.

1943-жылдыӊ март айында 235-атқышлар дивизиясыныӊ сапёрлар бөлимине шеги түскен Михаил Булатов урыс тамамланғанша сол бөлимде өзиниӊ әскерий хызметин инабат пенен атқарып шығады.

Ол Орлов ўәлаяты Вяжки аўылы тусындағы Зуша дәрьясы ушын душпанлар менен болған өзиниӊ дәслепки  саўашында-ақ, өз ерлиги менен басқалардан айрықшаланып турды ҳәм командирлери тәрепинен «Алтын Жулдыз» ордени менен сыйлықланады.

1944-жылдыӊ июнь айында  Белоруссияныӊ Витебск қаласы ушын болған саўашларда да көрсеткен мәртлиги ушын III дәрежели Даӊқ ордени, соӊынан, танк десантлары қурамында II дәрежели Даӊқ, 1944-жылдыӊ октябрь айында болса, және бир мәрте «Алтын Жулдыз» орденлери менен сыйлықланыўға миясар болады.

Оныӊ еӊ баслы ерлиги Шығыс Пруссияныӊ Кёнигсберг қаласы ушын болған саўашларда айрықша тилге алынады.

Тис-тырнағына шекем қуралланған 130 мыӊлық гарнизонға ийе бул биринши класс дәрежесиндеги қорғанға Арқа-батыс тәрептен тек бир кишкене жол менен ғана өтиўге болатуғын еди. Бирақ, бул жолдыӊ ҳәр бир метри бомбалар менен миналанып, қыр дөгереги топлар менен оққа тутылып турған еди.

Усы ўақытта сержант Булатов басқарған топарға бул миналанған жолды бомбалардан толық тазалап, пияда әскерлер менен танклеримизге жол ашып бериў тапсырылады.

Бул тазалаў ислерине Михаил Булатов пенен бирге қатнасқан сапёрлардан биреўи фашистлер тәрепинен оққа ушқан болса, екеўи аўыр жарақат алады. Оларды бул қәўипли орыннан алып шыққан Михаил буннан соӊ да сапёрлық үскенеси менен еӊбеклеп жүрип,  жолдыӊ ҳәр бир қарысын пуқталық пенен миналардан тазалап шығыўға ериседи.

Атап айтқанда, бизиӊ жас сапёрымыз асфальт астына жасырылған 2,5 тонналық 24 авиабомбаны зыянсызландырыўға ерисип, танк ҳәм пияда жаўынгерлеримизге қәўипсиз жол ашты.

Оныӊ бул қайталанбас ерлиги 1945-жылдыӊ 19-апрельдеги СССР Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ Пәрманы менен Советлер Аўқамыныӊ Қаҳарманы атағы менен сыйлықланып, шымбайлы бул жаўынгерге  сыйлықты 3-Беларус фронтыныӊ Сәркардасы маршалл А.М. Василевскийдиӊ  жеке өзи салтанатлы жағдайда  тапсырады.

Урыстан соӊ ол 1948-жылы Львов әскерий-сиясий училищеси, 1963-жылы В.И.Ленин атындағы Әскерий-сиясий Академияны оқып тамамлап,1973-жылға шекем Курскте мотоатқышлар полкы командириниӊ орынбасары лаўазымында хызмет етип, полковник сыпатында отставкаға шығады.

Михаил Алексеевич Булатов  1973-1996-жыллары Курск ўәлаятындағы «Росгалантерея» базасында үлкен  инспектор, соӊынан 1992-жылға шекем Курск қалалық урыс ҳәм мийнет ветеранлары Кеӊеси, соӊынан 2005-жылға шекем болса, усы шөлкемниӊ Курск ўәлаятлық Кеӊеси баслығы сыпатында хызмет алып барады.

Бизиӊ қаҳарман жерлесимиз Михаил Булатов ҳүрметине Калининград қаласында естелик орнатылып, 2010-жылы оныӊ атына көше, 2012-жылы 50-санлы улыўма орта билим бериў мектеби ҳәм 2014-жылы Курск қаласындағы  6-санлы  лицейдиӊ аты қойылады.

Буннан басқа да ол Россия мәмлекетиниӊ көплеген мәмлекетлик сыйлық ҳәм орден-медальлары менен сыйлықланады.

Көзи тирисинде-ақ, елимиздиӊ Даӊқ-мәртебесине ерискен қарақалпақстанлы Михаил Булатов  2020-жылдыӊ март айында Россияныӊ Курск қаласында 96 жасында қайтыс болады.

 

Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги