Бүгиң УЕФАның дәрежеси жағынан екинши орында турыўшы Европа лигасында финал ойыны болып өтеди.
Онда быйылғы жылы бир мәрте де жеңилиске ушырамаған ҳәм Германия чемпионлығын қолға киргизген Леверкузенниң «Байер» клубы Италияның «Аталанта» командасы менен бас сыйлық ушын өз-ара гүреске түседи.
Ушырасыў Ирландия пайтахты Дублин қаласындағы «Авива» стадионында өткериледи ҳәм ойынды румыниялы Иштван Ковач басқарып барады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги