Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Сенаттың өн төртинши жалпы мәжилисинде додаланыўы нәзерде  тутылған мәселелер дәслепки тәризде көрип шығылды.

Атап айтқанда, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам бағшылық ҳәм жүзимгершилик  ширкетлериниң әмелдеги жумысы ҳәм олардың шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери ҳәм басқа да мәселелер додаланды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди талап етпекте.

Сол мақсетте ислеп шығылған «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамда Ҳаўа кодексине киргизилип атырған өзгерислерге тийкарланып Экспериментал ҳаўа кемелерин есапқа алыў тәртиби Министрлер Кабинети тәрепинен белгилениўи нәзерде тутылған.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик  ҳаққындағы кодекске киргизилип атырған өзгерислерге бола транспорт қураллары  айдаўшыларының тоқтаў ямаса тоқтап турыў  қағыйдаларын бузғаны ушын жәрийма муғдары базалық есаплаў муғдарының үш есесинен еки есесине шекем қысқартылмақта.

Мәжилисте бағшылық-жүзимгершилик  ширкетлериниң әмелдеги жумысы ҳәм олардың шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарларын  жетилистириў мәселелери бойынша  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери додаланды.

Атап өтилиўинше, жумысшы топар тәрепинен 6 мың 140 гектар майдандағы 730 бағшылық-жүзимгершилик  ширкетиниң жер участкалары, имарат-комплекслери және кадастр ҳүжжетлери үйренилген. Анықланыўынша, 74 мың 82 жер участкалары болып, соннан 37 мың 847 объектте кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилген, 19 мың  95и мәмлекетлик дизимнен өткерилген.

Жумысшы топар тәрепинен айырым кәрханалар сапластырылғаны ямаса елатлы пунктке өткерилгени, ширкетлердиң жер ажыратыў ҳаққындағы ҳүжжетлери талланғанда, олар тәрепинен артықша жер майданлары ийелеп алынғаны мәлим болған. Ширкетлер аймағындағы 11 мыңға шамалас  жер участкасынан турақ жай сыпатында,  400 ге шамаласынан болса турақ жай емес сыпатында ҳүжжетсиз пайдаланып атырғаны атап өтилди.

Мәжилисте аўыл хожалығында ресурс үнемлеўши заманагөй суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша белгиленген ўазыйпалардың Наўайы ўәлаятында орынланыўы бойынша өткерилген үйрениў нәтийжелери көрип шығылды. оған бола, бул аймақта улыўма  947 фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасында 5 мың 552 гектар мийўели  бағ шөлкемлестирилген. Соннан  4 мың 997 гектарын жергиликли бағлар ҳәм 1 мың 828 гектарын интенсив бағлар қурайды.  500 фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасындағы бар жүзимзарлар 4 мың 749 гектарды қурайды.  2021-жыл 1-январь жағдайына 277 хожалықтағы  482,6 гектар жерде ыссыханалар топырақта ҳәм гидропоника усылында қурылған. Оларда суў үнемлеўши технологиялар орнатылған.

Халық депутатлары Уйчи район Кеңесиниң бир қатар қарарлары нызамға муўапықлығын үйрениў бойынша комитет тәрепинен алып барылған үйрениў нәтийжелери де мәжилисте көрип шығылды.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы