Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-ноябрьдеги «Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим-билимлендириў тараўларын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында улыўма орта билим бериў мектеплеринде билимлендириўдиң сапасын жетилистириў, мектеп питкериўшилериниң жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўге болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына Кегейли районындағы 12- ҳәм 16-санлы, Нөкис қаласындағы 30-санлы, Елликқала районындағы 51-санлы ҳәм Беруний районындағы 24-санлы улыўма билим бериў мектеплери бириктирилген еди.
Жақында филиал жәмәәти ҳәм усы мектеплер директорларының қатнасыўында ушырасыў өткерилди.
Онда мектеп оқыўшыларының сапалы билим алыўын ҳәм жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўге қызығыўшылығын арттырыў бойынша жумысларды буннан былай да жетилистириў мәселелери туўралы кең түрде пикир-усыныслар билдирилди.
Филиал профессор-оқытыўшылары өзлери бириктирилген мектеплер менен бирге ислесиўди жетилистириў ушын турақлы түрде ушырасыўлар ҳәм питкериўши класс оқыўшылары менен мастер-класслар өткерип келмекте.
– Филиалымызға бириктирилген мектеплерде билим алып атырған оқыўшы-жаслар арасында көркем өнер ҳәм мәденият тараўына қызығыўшылығы жоқары жаслардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў, талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған жумысларымыздың нәтийжелилигин еле де арттырыўымыз керек, – дейди Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлиминиң баслығы Қ.Қалекеев.
Илаж өз-ара пикир-таласлар менен даўам етти.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы