«Нөкис вино заводы» акционерлик жәмийетиниң мүрәжатына тийкарланып өткерилген оператив илаж даўамында жасалма усылда спиртлик ишимликлер шығарып киятырған жасырын цех анықланды.

Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў Департаменти Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик бажыханы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасы хызметкерлери тәрепинен өткерилген илаж даўамында Э.исмли пуқара Нөкис қаласында пуқараға сыйымлылығы 0,45 литр болған, ҳәр бир шийшесин 18 мың 500 сумнан есаплап, жәми 180 шийше акциз марка менен маркаланған жасалма «Қаратаў» арағын нызамсыз сатып атырғанда усланды ҳәм айғақлы зат ретинде алынды.

Сондай-ақ усы алкоголь өнимлериниң дәрегин анықлаў мақсетинде өткерилген оператив илаж даўамында, Г.Д. ҳәм С.Ш. исмли пуқаралар тәрепинен Э.Қ. исмли пуқараға сыйымлылығы 0,45 литр болған, ҳәр бир шийшесин 14 мың 166 сумнан есаплап, жәми 48 шийше акциз марка менен маркаланған жасалма «Қаратаў» арағын нызамсыз сатқан ўақтында усланды. Г.Д. ҳәм С.Ш. исмли пуқаралардың үйи тексерип көрилгенде, бул жерде жасырын цех шөлкемлестирилгени мәлим болды. Цехтан 1 дана реңли принтир ҳәм онда шығарылған жасалма акциз маркалар, жасалма штрих кодлар, 50 мл. болған бир қанша медициналық спирт ҳәм оның бос ыдыслары, бос арақ шийшелери, 14,5 литр араққа усаған суйықлық, босаған баклашкалар, пластмасса ыдыслар, арақ шийшениң аўзына бастырылатуғын қақпақлар, шаршарлар, блок пакетлер, 7 шийше «Қаратаў» арағы, 4 дана қақпақ басыўшы үскене, 10 литр тазаланған суў, 1 дана шелек айғақлы зат ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекети алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги