Ораза дурыс болыўы ушын үш шәрт табылыўы керек болады.
Биринши шәрт – мойынға лазым болыў шәртлери.
Бул шәртлер төртеў:
- Ислам. Мусылман болмаған адамға ораза парыз болмайды. Ондай адам ораза тутса да, оразасы ибадат орнына өтпейди. Кәпир адам Рамазанда Исламға кирсе, сол күннен баслап ораза тутады.
- Ақыл. Ақылы зайыл адамға ораза парыз болмайды, себеби ол мукәлләф емес.
- Балағат. Балағатқа жетпеген жас балаларға ораза парыз болмайды. Рамазан айында балағатқа жеткенлер сол күннен баслап ораза тутыўды баслайды.
- Оразаның парыз екенлигин билиў.
Оразаны тутыў ушын лазым шәртлер екеў:
1) Саламат болыў. Кесел болған адамға ораза тутыў ўәжиб емес.
2) Муқим болыў. Сапардағы адамға ораза тутыў парыз емес. Ол сапардан қайтқанда қазасын тутып береди.
Үшинши шәрт – оразаның дурыс болыў шәртлери.
Бул шәртлер үшеў:
1) Нийет. Нийетсиз ораза дурыс болмайды.
2) Нифас ҳәм ҳайздан пәк болыўы. Нифас ҳәм ҳайзли болатурып тутылған ораза дурыс болмайды.
3) Оразаны бузатуғын нәрселерден аўлақ болыў. Ораза тутып турғанда оны бузатуғын нәрселер болып қалса, ораза қалмайды. Орнына қазасын тутып бериўи лазым болады.
Рамазан оразасын тутыў ҳәм қазасы шәрий күндиздиң ярымынан алдын нийет қылыў менен дурыс болады.
Мәлим болғанындай ислениўи лазым болған әмелди шәриятта белгиленген ўақытта орынлаў «ада» делинеди. Ислениўи лазым болған әмелди белгиленген ўақыттан кейин орынлаў «қаза» делинеди.
Рамазан оразасын ўақтында тутыў парыз болады. Егер ол ўақтында ада етилмеген болса, қазасын тутыў парыз болады.
Сондай-ақ, каффарат оразалары да ўәжиб болады. Биреўди қәтелесип, абайламастан өлтирип қойған яки ҳаялын зиҳар қылған адам басқа каффаратларды орынлай алмаса, избе-из арасын үзбестен еки ай ораза тутыўы ўәжиб болады.
Шәрий күндиз – таң атқаннан (субҳи содиқтан) басланып, қуяш батқанша даўам етеди. Шәрий болмаған күндиз болса «сөзликтеги күндиз» деп аталады ҳәм ол қуяш шыққаннан баслап батқанға шекем даўам етеди. Демек, ораза тутпақшы болған адам таң атқаннан баслап күндиздиң ярымына шекем нийет қылып алса, оразасы дурыс болады.
Оразаны кимлер тутпаса кеширимли болады?
«Санаўлы күнлерде. Сизлерден ким кесел болса ямаса сапарда болса, онда, оның есабы (ораза тутыўы) басқа күнлерден. Оны қыйналып тутатуғынлардың мойнында бир мискинниң (бир күнлик) аўқаты фидя болады. Ким өз қәлеўи менен артықша жақсылық етсе (лазым болғанынан артықша фидя берсе), өзи ушын жақсы. Егер билсеңиз, ораза тутыўыңыз (фидя берип, тутпағаныңыздан) жақсырақ» (Бақара сүреси, 184-аят).
Яғный, ораза парыз қылынған күнлер «санаўлы күнлерде». Ораза тутыўдың өзине жараса машақаты бар. Соның ушын Аллаҳ таала кеселлик ҳәм сапарда болғанлығы себепли бир аз қыйыншылықта турған бенделерине, машақат үстине машақат болмасын, деп жеңиллик берди:
«Сизлерден ким кесел болса ямаса сапарда болса, онда, оның есабы (ораза тутыўы) басқа күнлерден».
Яғный, кесел саўалғаннан соң, сапардағы сапардан қайтқаннан соң, неше күнди тутпаған болса, сонша күн қаза ораза тутады. Уламаларымыз кеселлердиң тайпасына ҳәмиледар ҳәм емизетуғын ҳаялларды да қосқан. Ҳәмиледар ҳаял неше күн ораза тутпаған болса, туўғаннан кейин сонша күн қаза ораза тутады. Емизетуғын ҳаял да баласын емизиўден ажыратқаннан кейин қаза ораза тутады.
«Оны қыйналып тутатуғынлардың мойнында бир мискинниң (бир күнлик) аўқаты фидя болады».
Яғный, ораза тутыўға жарамай қалған, қартайған инсанлар киреди. Олар тутылмаған ҳәр бир күнлик оразаның орнына бир мискинди тойдырады. Бул болса, өзи жасап турған журттың орташа тағамы есабында болады. Буны, фидя бериў, деп айтылады.
Уламаларымыз усы тайпаға тәўир болмайтуғын, даўамлы қайталанып туратуғын кеселлиги бар адамларды да қосқан. Олар кеселликлери себепли ораза тута алмайды, қазасын тутады, деген менен, тәўир болыўынан үмит жоқ.
«Ким өз қәлеўи менен артықша жақсылық етсе (лазым болғанынан артықша фидя берсе), өзи ушын жақсы».
Ким саўапты көбирек аламан, деп бир адамға емес, еки, үш адамға ямаса орташа емес, жоқары дәрежедеги тағамларды берсе, өзи ушын жақсы болады.
«Егер билсеңиз, ораза тутыўыңыз (фидя берип, тутпағаныңыздан) жақсырақ».
Басқа ибадатлар сыяқлы ораза да, дәслеп, бул ибадатты орынлайтуғын адамларға жақсылық келтиреди. Жәннетке кириў, жоқары дәрежелерге ерисиў, ерк-ықрардың күшли болыўы, мийрим-шәпәәт сыпатының күшейиўи, тақўа сезиминиң ояныўы, саламатлық ҳәм басқа да көплеген биз билген ҳәм билмеген жақсылықларға ораза тутыў арқалы ерисиледи. («Тәфсири ҳилал» китабынан).
Айбек Жолаўшиев,
Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад»
жоме мешити имамы-орынбасары.
Қарақалпақстан хабар агентлиги