Рамазан үгит-нәсиятлары

Бул сораўға Өзбекстан Мусылманлары уйымы Пәтиўа бөлиминиң бас қәнигеси Абдулатиф Турсунов жуўап береди:

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим.

Рамазанда  сәрликте уйқылап қалған адам, оянғаннан соң аз болса да бир нәрсе жеп-ишип, оразаны нийет етемен десе, нийети де, сол күни тутатуғын оразасы да дурыс болмайды. Рамазан айында сәрликке уйқылап қалған адам уйқылап  турғаннан соң, оразаны бузатуғын ислерди ислемей сол күни оразаны тутыўды нийет етеди. Бундай нийетти қуяш көтирелгенге шекем ислеў мүмкин.

Демек, рамазанда сәрликке уйқылап қалған адам оянғаннан соң, ҳеш нәрсе жемей-ишпей ораза тутыўды  нийет  етиў  зәрүр болады. Ўаллоҳу аълам.

 

Муҳайё Тошқороёва, ӨзА