Өзбекстан «VETERAN» жаўынгер-ветеранлар ҳәм майыплар бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы кеңеси бөлиминиң басламасы менен Аўған урысы ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары ветеранлары Мойнақ районында нәл егиўге қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы менен биргеликте шөлкемлестирилген «Ветеранлардан бағлар» акциясында 130 дан зыят ветеран қатнасты. Олар тәрепинен 700 ге шамалас мийўе, 300 ге жақын саяманлы терек нәли егилди.

Акция шеңберинде «Ветеран бағман» таңлаўы өткерилип, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

-Мақсетимиз Президентимиздиң басшылығында Мойнақ районында әмелге асырылып атырған кең көлемли көклемзарластырыў жумысларына өз үлесимизди қосыў болып табылады,-дейди Өзбекстан «VETERAN» жаўынгер-ветеранлар ҳәм майыплар бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы кеңеси бөлиминиң баслығы Бабур Таджимов.-Ара алыс болса да жүреклерди жақынластырып, республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген ветеранлар нәл егиў жумысларында белсендилик көрсетти. Олардың бул басламасы жасларымызға өрнек болады,-деген үмиттемиз.

Усындай акцияны келешекте Бозатаў ҳәм Беруний районларында да өткериў режелестирилген.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы