Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы  Шымбай районындағы Қызылөзек аӯыл пуқаралар жыйынында  Республикалық 4 сектор, министрлик ҳәм тийисли  шөлкемлердиӊ жуӯапкер хызметкерлериниң  қатнасыўында көшпели қабыллаўлар   ѳткерди.

Оған аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаӯшы пуқаралар қатнасты.

Кѳшпели қабыллаӯда аймақ турғынларыныӊ еӊ тийкарғы машқаласы хожалықларды тәбийғый газ бенен тәмийинлеӯ мәселеси болып, оған район ҳәкими Айбек Тажетдинов тѳмендегише жуӯап берди:

«Қызылѳзек»те халықтыӊ тийкарғы машқаласы 2016-жылы газ басымы жетиспеӯшилиги себепли газ тәмийнаты тоқтатылған хожалықларды қайтадан тәбийғый газге жалғаӯ екенлигин жақсы билемиз ҳәм бул мәселени шешиӯ бойынша ҳәзирги күнлери район ҳәкимлиги тәрепинен тийисли тәртипте жумыслар алып барылмақта. «Шымбайтумангаз» баслығына «Қызылѳзек» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы хожалықларды тәбийғый газге жалғаӯ бойынша район ҳәкиминиӊ қарары шығарылып, орынлаӯ ушын жиберилди. Алдағы ӯақытлары газ тараӯы хызметкерлери қубырларды тазалаӯ, тесик жерлерин жамаӯ ҳәм ГРП ларды қайта оӊлаӯ ислерин баслайды ҳәм имканияты болғанынша шаӊарақларды тәбийғый газ бенен тәмийинлеӯге ҳәрекет етемиз деди.

Сондай-ақ, аймақ турғыны Арыӯхан Мәӯленова 3-сектор басшыларына ѳткен жылы Қазақстан Республикасынан киятырып, Ташкенттеги карантин зонасына ѳтиӯ ӯақтында ѳзиниӊ пуқаралық паспортын жойтып алғанлығын, ал, Қуӯанышбай Пазылбеков болса, паспорт алыӯ жасына жеткен қызына паспорт алыӯда қәрежет жетиспеӯшилиги себепли , елеге шекем бул ҳүжжетти алалмай қыйналып жүргенлиги бойынша мүрәжат етти.

Олардыӊ бул мүрәжатлары усы жердиӊ ѳзинде үйренип шығылып, бул пуқараларға паспорт алыӯда районлық Ишки ислер бѳлими тәрепинен әмелий жәрдем кѳрсетилди.

Қабыллаӯда сондай-ақ, пуқаралардыӊ басқа да машқалалары бойынша берген сораӯларына тийисли  ҳуқықый түсиниклер берилди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги