Өзбекстан мусылманлары басқармасы басламасы менен Рамазан айында мөмин-мусылманлардың телефон арқалы жолланған ораза тутыўға байланыслы барлық диний мәселелерине уламалардың күни-түни жуўап бериў системасы енгизилди, деп хабар бермекте xs.uz.

Мөмин-мусылманлар усы жылдың 13-апрелинен 13-майына шекемги ҳәптеде жети күн, күнде 24 саат даўамында өзлериниң ораза тутыўға байланыслы диний сораўларына жуўап алыўы мүмкин болады (ибадат ўақытларынан тысқары).

Оның ушын 24 саат даўамында  төмендеги телефонларға қоңыраў етиўиңизди усыныс етемиз: 99-649-84-44, 99-643-84-44.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги