«Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын раўажландырыў, жумыс нәтийжелилигин жолға қойыў, финанслық турақлылыққа ерисиў» атамасында усы тараў қәнигелериниң қатнасыўында семинар –тренинг өткерилди.

«Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Ә.Өтеўлиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди дүзиў, мәмлекетлик дизимнен өткериў, жумыс алып барыў  тәртибин шөлкемлестириў ҳәм оның нәтийжелигине ерисиў, сондай-ақ,  финанслық турақлылыққа ерисиў жоллары туўралы түсиниклер берип өтти.  Тараўдағы жетискенликлер менен машқалалар додаланды.

Атап өтилгениндей, 2017 — 2021-жылларда Өзбекстан Республикасын  раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, олардың социаллық ҳәм сиясий белсендилигин күшейтиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты қәлиплестириўдиң тийкарғы бағдары сыпатында белгиленген.

Бүгинги күнде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм жәмийеттиң басқа да институтлары демократиялық ҳуқықый мәмлекетти қурыўда, жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық раўажланыўын арттырыў жолында әҳмийетли орынды ийелейди.

Семинар-тренингте, қатнасыўшылар тәрепинен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң машқалаларын шешиў ушын ишки ҳәм сыртқы факторлар, сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди раўажландырыў бойынша пикир- усыныслар билдирилип, бирге ислесиў бойынша алдағы ўазыйпалар белглеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги