Тынышлық қорғаны, бахыт қорғаны,

Əдиллик, туўрылық баслы ураны,

Нурлы келешектиң әзийз қуралы,

Елдиң ығбал-бахты бахыт нызамым.

 

Шүкир хақға, таңлаған өз жолың бар,

Халкым, досларың көп узын қолың бар,

Мийнеттен мəрдана жараттың ығбал,

Көксиңе гүл тутып бахыт нызамым.

 

Санасам жетиспес саны күн, айдың,

Хар күни табыслар кең  қулаш жайдың,

Əдиллик аталмыш алтын сарайдың,

Гилтин қолға тутып бахыт нызамым.

 

Көркеймекте аўыл менен қалалар,

Дийқан мийнетинен алтын далалар,

Елимде той жаңлар қосық намалар,

Шадлыққа шақырық-бахыт нызамым.

 

Раўаж Отарбаев 09.04.21

Қарақалпақстан хабар агентлиги