Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов жергиликли Кеңес депутатлары менен бирге Шымбай районындағы Медицина бирлеспеси, Нано орайы, 23 ҳәм 49-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде болып олардың жағдайлары менен танысты.
Сондай-ақ, олар «Гүжимли» МПЖ ҳәм «Кеңес» АПЖ да жасайтуғын кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж «Темир дәптер»де дизимде турған шаңарақларға барып, олардың жасаў жағдайлары менен танысып, өз есабынан азық-аўқатлық өнимлерин тапсырды.
Халық ўәкили өз сайлаўшылары менен ушырасып, оған «Темир жол гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы сайлаўшылар, журналистлер ҳәм блогерлер қатнасты.
Ушырасыўларда сайлаўшылардың усыныслары, машқалалары ҳәм мүрәжатлары тыңланды.
Ушырасыў даўамында пуқаралар тәрепинен көтерилген машқалалар бирге ислеўши шөлкемлер менен биргеликте қадағалаўға алынып, тез күнде өз шешимин табатуғыны атап өтилди.
Бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда депутатлар менен ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң ҳәм блогерлердиң бирге ислесиўи оғада үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилип, бирге ислесиў бойынша келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги