Усы жыл 6-апрель күни Бозатаў районында поэзия фестивалы болып өтти.
Илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң өткен жылдың октябрь айында Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында және Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында белгилеп берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген тәризде өткерилген мәжилис протоколына муўапық өткерилди. Онда елимизге белгили жазыўшы-шайырлар, әдебият ықласбентлери, жас дөретиўшилер қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары дәслеп район орайындағы Бердақ бағында шайыр естелигине гүл шеңберлерин қойды.
Райондағы Жаслар орайында поэзия фестивалының ашылыў мәресими болды. Онда район ҳәкими М.Қайпанов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары, шайыр Н. Жонузоқов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К. Каримов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде миллий мәдениятымыз бенен әдебиятымызды раўажландырыў, усы арқалы жасларымызды ана-Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға қаратылып атырған итибарға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» деген бас принцип тийкарында ояныў дәўири – Үшинши Ренессанс тырнағын жаратып атырған бүгинги күнде әдебиятымыз ҳәм мәдениятымызды терең үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў айрықша әҳмийетке ийе.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрьдеги «2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2021-жылдан баслап ҳәр жылы апрель айының биринши ҳәптеси елимизде «Китапқумарлық ҳәптелиги» деп белгиленди. Бозатаўдағы поэзия фестивалының усы ҳәптелик шеңберинде өткерилип атырғаны менен де әҳмийетли. Жақында ғана Бозатаў районынан мектеп оқыўшысы Гүлсәнем Оразбаеваның Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болғанлығы қарақалпақ жасларына деген айрықша итибардың әмелдеги көриниси болды.
Фестиваль қатнасыўшылары райондағы пайдаланыўға тапсырылған кәрханалар, социаллық тараў объектлери менен жақыннан танысты. Жаслар орайындағы мушайра кешесинде белгили шайырлар менен бир қатарда районның дөретиўши жасларынан Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси Г.Оразбаева, халықаралық таңлаў жеңимпазы М.Қалбаева, сондай-ақ, Г.Сарыбаева, Қ.Қалмуратовлар өз дөретпелери менен қатнасты.
Район орайындағы амфитеатрда көркем өнер шеберлериниң гала концерти ҳәм дөретиўши жасларды сыйлықлаў мәресими болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги