Усы жыл 5-апрель күни Нөкис қаласындағы «Истиқлол» жазғы дем алыў орайында «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниң ашылыў мәресими болды.

Илажда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары, шайыр Нодир Жонузоқ, Өзбекстан халық шайыры Махмуд Тоир, Өзбекстан халық шайыры Усман Азим, республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Татлымурат Атамуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Каримов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, халқымыздың, әсиресе, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық қәбилетин, сана-сезимин ҳәм дүньяға көзқарасын раўажландырыў, оларды ана-Ўатанымызға муҳаббат ҳәм садықлық туйғысы менен жасайтуғын инсанлар етип тәрбиялаўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң өткен жылдың октябрь айында Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында және  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында белгилеп берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген тәризде өткерилген мәжилис протоколына муўапық усы жылдың 6-7-апрель күнлери Бозатаў районында поэзия фестивалы өткериледи.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрьдеги «2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2021-жылдан баслап ҳәр жылы апрель айының биринши ҳәптеси елимизде «Китапқумарлық ҳәптелиги» деп белгиленди.

«Китапқумарлық ҳәптелиги» шеңберинде «Жас дөретиўшилер», «Билимдан жаслар» китапқумарлар клубының ағзалары менен «Китап-жүрек гәўҳары, кеўил зийнети», «Китап бул жәмийеттиң байлығы» атамаларында дөгерек сәўбети, жоқары оқыў орынларының студент-жаслары арасында «Қарақалпақ миллий нақыл-мақаллары» беллесиўи, «Сиз сүйип оқыған китап», «Мен сүйген китапханама китап саўға етемен» акциялары, халқымыз арасында шаңарақлық китап оқыў дәстүрин кеңнен ен жайдырыў мақсетинде «Ең жақсы китапқумар шаңарақ» таңлаўы ҳәм басқа да бир қатар илажлар өткериў режелестирилген.

-Президентимиздиң басламасы менен елимизде миллий мәдениятымыз бенен әдебиятымызды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта,-дейди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары, шайыр Нодир Жонузоқ.- Устазларымыз бенен биргеликте Қарақалпақстан Республикасында әдебият байрамында қатнасып атырғанымыздан қуўанышлымыз.-Әлбетте бул сапарымыз даўамындағы әдебият шайдалары, китапқумарлар  менен ушырасыўлар жазыўшы-шайырларымыздың жаңа шығармаларына тийкар жаратады деген үмиттемен.

Илаж қатнасыўшылары бул жерде шөлкемлестирилген китаплар көргизбеси ҳәм ярмаркасы менен танысты. Оларға көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарлармасы қойып берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.