Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районында «Ҳәр бир жасқа бир гектар» жойбары шеңберинде алты жумыссыз жасқа 6 гектар жер майданы ажыратып берилди.

– Маған аймақтағы «Айдосбийашамайлы» фермер хожалығына қараслы жер майданынан бир гектар жер берилди, – дейди жаслардан бири Расул Тынышбаев.

– Жер майданы егиске таяр жағдайға келтирилген. Жақын күнлерде шүдигарлап, овощ ҳәм палыз егинлерин егиўди баслаймыз. Атыз жумысларында фермер хожалығы баслығы Айдос Ешимбетовтың бизлерге жақыннан жәрдем берип атырғаны жер ийесиниң тәжирийбеси жаңа жумыстың басында үлкен мектеп ўазыйпасын атқармақта.

Быйылғы жылдың басынан берли усы жойбар тийкарында районда 375 жасқа дийқаншылық пенен шуғылланыў ушын  738,1 гектар жер майданы берилген. Бул ҳәрекетлер жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы олардың турмыс абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.

 

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ түсирген сүўретлер, ӨзА