Гүўасы болғанымыздай, елимизде коронавирусты жуқтырыў жағдайы балаларда да ушыраспақта.
Бирақ балалар неге шаншылмай атырғаны ата-аналарда қызығыўшылық пайда етпекте.
Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети басшысының орынбасары Батыр Қурбановтың айтыўынша, балалар арасында да кеселлениў жағдайлары бақланып атырған болса да, дүнья илимпазлары, белгили илимий-изертлеў институтлары тәрепинен жаратылып атырған вакциналарды балалар арасында пайдаланыў мүмкин екенлиги ҳәзирше тастыйықланбаған.
Ҳәзирги ўақытқа шекем таяр болған ямаса ЖДСШ тәрепинен айрықша жағдайларда пайдаланыўға руқсат етилген вакциналар менен балаларды шаншыў ҳәзирше нәзерде тутылмаған. Соның ушын 1-апрельден басланған шаншыў илажларында 18 жасқа шекемги балаларды шаншыўға усыныс етилмей атыр.
Солай екен, ата-аналардан перзентлериниң денсаўлығына және де итибарлырақ болыў талап етиледи. Олардың гигиена қағыйдаларына әмел етиўин қадағалап, спорт пенен шуғылланыўын шөлкемлестириў, аўқаатлық затларда витаминлерге бай бәҳәрги өнимлер болыўына әҳмийет қаратыў зәрүр.
Моҳигул Қосимова,
ӨзА