2-3-апрель күнлери республикамыз бойлап тынымсыз жаўған жаўын аўыл ҳәм қалаларымыздағы көше-қыябан ҳәм базарларымыздыӊ бүгинги аўҳалын толық көрсетип берди деп айта аламыз.

Атап айтқанда, жаўын суўларына липилдеп толған көше ҳәм базарларымыздағы бундай унамсыз жағдайлар пиядалар менен автотранспортлардыӊ жәмийетлик орынларда ҳәрекетлениўине қыйыншылық туўдырғаны ҳаққында  республикамыз турғынлары редакциямызға социаллық тармақлар арқалы мүрәжат етип билдирмекте.

Усындай шағым арза Нөкис қаласы «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны «Қусханатаў» көшеси турғынларынан келип түсти. Онда айтылыўынша көше турғынлары бул жерге көшип келгенине 10 жылдан аслам ўақыт болыўына қарамастан, көше жоллары жаўын  жаўған ўақытлары суўға толып, пиядалардыӊ үйинен үлкен көшелерге шығыўы, балалардыӊ мектеп-бақшаларға барыўына әдеўир қыйыншылық туўдырып атырған.

-Егер усындай жамғырлы күнде үйимизде биреў наўқасланып, тез жәрдем шақырмақшы болсақ, автомашиналар үйимизге шекем жетип келе алмайды,-дейди усы көше турғыны Салтанат Жийемуратова.-Бизлер көшемизди оӊлап бериў бойынша жыйын баслығына ҳәм басқа да тийисли шөлкемлерге  бир неше мәрте мүрәжат еттик. Бирақ, тилекке қарсы, аймақ турғынларыныӊ мүрәжаты  инабатқа алынбай атыр. Ҳәр жылы «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасына кирген ўақытта жәрдем беремиз  дейди, лекин, ол бағдарлама бизге қашан келетуғынлығы белгисиз. Бизлерге  Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм республика ҳүкимети басшылары бизлерге усы жол машқаласын шешиўге жәрдем етсе, олардан миннетдар болар едик,-дейди көше турғынлары.

 

Жазып алған: Адилбай Оразов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги