Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы мәртебели мырза!

2020-жылдың сентябрь айында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Ассамблеясының 75-сессиясында алға қойылған Пандемиялар дәўиринде мәмлекетлердиң еркин  миннетлемелери ҳаққындағы халықаралық кодекстиң жойбарын Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкемине (ЖДСШ) бергениңиз ушын Сизге миннетдаршылық билдириў бахтына ийемен.

COVID-19 пандемиясы пүткил жер жүзи бойлап жәмийетлер ҳәм мәмлекетлерге зыян жеткериўде даўам етпекте. Өткир халықаралық кризиске ушырап, мен айрықша глобал жетекшилик ҳәм тилеклесликке, имканы болғанынша кең шеңбердеги шериклерди бирлестириўге, ҳәр тәреплеме ис-ҳәрекетлерди иске қосыў ҳәм ҳеш кимниң арқада қалып кетпеўин тәмийинлеўге шақырдым. Дерлик бир жылда биз илим, вакциналарды ислеп шығыў, денсаўлықты сақлаў әмелиятындағы мисли көрилмеген жетискенликлер, жәмийетшиликти мобилизациялаў ҳәм сиясий исенимли қәдемлер себепли күшли жетекшиликке ерисиўдиң имканияты бар екенлигин көрдик.

Пандемия денсаўлықты сақлаў системаларымыздың әззи екенин көрсетти. Медициналық ҳәм социаллық теңсизликти күшейтти және денсаўлықты сақлаў экономикалық раўажланыў ҳәм қәўипсизликте орайлық орынды ийелейтуғынын көрсетти. Пандемияны қадағалап, тиклениўге инвестиция қаратып атырған екенбиз, келешекке де таярлық көриўимиз зәрүр. Бундай жағдай және тәкирарланыўына жол қоя алмаймыз.

Уллы мәртебели мырза, халықаралық кодекстиң жойбарын ислеп шығыў мәселесинде узақты гөзлегениңиз ҳәм бул процессте жетекшилик еткениңиз ушын Сизден миннетдарман. Биз ҳүжжетти дыққат пенен үйренип шықтық, Онда қойылған ўазыйпалардың көлеми ҳәм усыныс етилген әмелий шешимлер менде үлкен тәсир қалдырды. Кодекс жойбарының инам етилгени өз ўақтында қабыл етилген қарар болды.

Өткен жылы биз пандемиядан көп жуўмақ шығардық ҳәм енди келешекке нәзер таслаўымыз керек. Жәҳән денсаўлықты сақлаў ассамблеясының COVID-19ға қарсы илажлар бойынша WHA73.1 резолюциясына муўапық, мен 2020-жыл сентябрь айында жумыс баслаған Халықаралық медициналық-санитариялық қағыйдалардың (2005-жыл) әмел етилиўин үйрениў Комитетин шақырдым және пандемияға қарсы таярлықты тәмийинлеў ҳәм жуўап илажлары бойынша Еркин топарды шөлкемлестирдим.

Буннан тысқары, ағза мәмлекетлер тәрепинен әмелге асырылып атырған процесс шеңберинде Халықаралық медициналық-санитариялық қағыйдаларға қосымшалар киргизиў мақсетинде пандемияға қарсы таярлық ҳәм жуўап илажлары ҳаққында глобал шегараланған конвенцияны ислеп шығыў имканияты бойынша пикир алысыўлар даўам етпекте. Бул мәселе 2021-жыл 18-март күни ЖДСШның шөлкемге ағза мәмлекетлер ушын мөлшерленген мәлимлеме сессиясында додаланды. Бул көплеген мәмлекетлерде қызығыўшылық оятты ҳәм кейинги додалаўлар ушын қәдем болып хызмет етти.

Ҳәммениң қәўипсиз келешегине инвестиция киргизиў, турақлы ҳәм исенимли денсаўлықты сақлаў системаларын қурыў және денсаўлықты сақлаў тараўында жүзеге келиўи мүмкин болған ҳәр қандай кризислерге таяр турыўға таярлық көриў ўақты келди. Уллы мәртебели мырза, сиясий жетекшилигиңиз себепли Сизиң бул бағдардағы қатнасыўыңыз шешиўши әҳмийетке ийе. Сиз усынған Халықаралық кодекстиң жойбары пандемияны үйрениў бойынша әмелдеги процесслерге ҳәм пандемияға қарсы гүресиў бойынша ҳәр қандай болажақ халықаралық ҳүжжетти режелестириўге тиккелей байланыслы. Сиз усы ҳәрекетлерде жеке қатнасыўды даўам ететуғыныңызға исенемен.

Уллы мәртбели мырза, COVID-19 пандемиясының алдын алыў ҳәм ҳәммениң саламат және қәўипсиз келешегин тәмийинлеў жумысына садықлығыңыз ушын Сизге және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми жәмийетлик саламатлық тараўындағы глобал айрықша жағдайда Сиз бенен тилеклес.

Уллы мәртебели мырза, Сизге болған жоқары ҳүрмет-иззетимди қабыл еткейсиз.

Ең жақсы тилеклер ҳәм миннетдаршылық пенен,

Доктор Тедрос Аданом ГЕБРЕЙЕСУС,

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң бас директоры