Президент Шавкат Мирзиёев 29-март күни химия санааты тармағында әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.

Елимизде углеводород шийки заты ҳәм минерал ресурсларды терең қайта ислеп, импорттың орнын басыўшы ҳәм экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша үлкен потенциал бар. «Өзхимиясанаат» акционерлик жәмийети тәрепинен бул бағдарда 1 миллиард 355 миллион долларлық 21 жойбар әмелге асырылмақта.

Оннан дерлик 60 миллион долларлық 8 жойбар усы жылы иске қосылады. Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы, Наўайы, Жиззақ ҳәм Ташкент ўәлаятларында жайласқан бул кәрханаларда 11 түрдеги жаңа өним өзлестириледи. Жылына 450 миллиард сумлық товарлар ислеп шығарылып,  15 миллион долларлық импорттың орнын толтырыў және дерлик 30 миллион долларлық экспорт имканияты жаратылады. Бул кәрханаларда 260 адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта улыўма баҳасы 2 миллиард  600 миллион доллардан аслам болған 18 жойбардың техникалық-экономикалық тийкарлары ислеп шығылмақта.

Улыўмаластырып айтқанда, быйылғы ҳәм келешектеги барлық жойбарлардың нәтийжесинде 3 миллиард долларлық өним ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылады, тармақтың экспорт потенциалы 1 миллиард 300 миллион долларға жетеди. Жаңа кәрханаларда 3 мың 500 ге шамалас жумыс орны шөлкемлестириледи.

Және бир әҳмийетли тәрепи, бул кәрханалардың жумысы жолға қойылғаннан соң, тәбийғый газди терең қайта ислеп алынатуғын жаңа өнимлердиң баҳасы 2 миллиард 100 миллион доллардан асады. Яғный, қосымша қун 14 есеге көбейеди.

Химмиялық шийки зат ҳәм ярым таяр өнимлер негизинде талап жоқары болған товарлар ислеп шығарыў қуўатлықларын жаратыў мақсетинде «Наўайыазот» ҳәм «Ферғанаазот» акционерлик жәмийетлеринде және Қарақалпақстан Республикасында  3 ири технологиялық кластерди қурыў режелестирилген.

Атап айтқанда, «Наўайыазот»та улыўма баҳасы 2 миллиард 600 миллион долларлық 16 жойбар, «Ферғанаазот»та жәми 334 миллион долларлық 4 жойбар, Қарақалпақстан Республикасында дерлик 687 миллион долларлық 3 жойбар әмелге асырылады.

Мәмлекетимиз басшысы өндирис ҳәм илим арасындағы интеграцияны раўажландырыў мәселесине ҳәмийше айрықша итибар қаратады. Усы мақсетте пайтахтымыздың Улығбек қалашасында илимий химия кластерин шөлкемлестириў де режелестирилген. Оған муўапық, 60 гектар майданда ҳәкимшилик ҳәм оқыў имаратлары, лабораториялар, Өзбекстан-Корея илимий орайы, илимий хызметкерлер ушын турақ жайлар, жатақхана, амфитеатр, бағ ҳәм қуяш электр станциясын қурыў нәзерде тутылған. Бул жерде 8 мың студенттиң билим алыўы мүмкин болады.

Сондай-ақ, бул илимий кластер Ташкент химия технология илимий-изертлеў институты және Шыршық қаласындағы өндирислик лабораторияларды өз ишине алады.

– Химия санаатына жүдә үлкен қаржы бердик. Энергия нәтийжелилиги бойынша технологиялар жаңаланды. Енди бул тармақ қосымша пайда беретуғын ўақыт келди. Жүдә үлкен имканиятлар бар. Егер ҳәр бир бағдар бойынша муғдарын, сапасын, баҳасын орны-орнына қойсақ, экспорт 5-6-есеге артады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Экономика тармақлары ҳәм исбилерменлик субъектлери талап етип атырған өнимлерди ислеп шығарыў бойынша жаңадан-жаңа жойбарларды қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Презентацияда химия кәрханаларындағы мәмлекетлик үлести қысқартыў, оларды трансформациялаў, тараўға корпоратив басқарыў ҳәм қаржы есабатларының халықаралық стандартларын енгизиў бағдарындағы жумыслар бойынша да мағлыўмат берилди.

«Өзхимиясанаат» акционерлик жәмийетиниң структурасын өзгертиў, маман кадрлар таярлаў бойынша ўазыйпалар қойылды.

Илажда ишимлик суўы тармақлары ҳәм автомобиль жолларының жағдайы бойынша өткерилген хатлаў нәтийжелери де көрип шығылды. Быйыл 7 мың 184 километр қубырлар, резервуар ҳәм насос станциялары қурылып, 1 мың 106 мәҳәллеге таза ишимлик суўы жеткериледи. Нәтийжеде 4 миллионнан аслам халықтың суў менен тәмийинлениўи жақсыланады. Сондай-ақ, усы жылы 16 мың 800 километр жоллардың оңланатуғыны айтып өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы халықаралық тәжирийбени қолланып, қурылысты арзанлатыў, эксплуатация сапасын тәмийинлеў, ажыратылған қаржылардың мәнзилли ҳәм нәтийжели жумсалыўын қадағалаў бойынша көрсетпелер берди.

 

ӨзА