Жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы Наўрыз улыўмахалықлық байрамы республикамыз бойлап жоқары дәрежеде өткерилмекте. Усындай байрам илажлары пайтахтымыздағы «Телеорай» мәкан пуқаралар жыйынында болып өтти. Оған сектор басшылары, аймақ турғынлары, сондай-ақ, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы жәмәәти ҳәм студент-жаслары қатнасты.

Онда Нөкис қалалаық Салық басқармасы ҳәм 4-сектор баслығы С.Уснатдинов, «Теле орай» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Ж.Атаниязов, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Жаслар менен ислесиў, руўхый ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы О.Қдырниязова ҳәм аймақ нураныйлары шығып сөйлеп, жыйналғанларды Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң аймақ жасларының өзлери тоқыған қол өнерлери, миллий кийим-кеншеклер ҳәм басқа да буйымлардың көргизбеси өткерилди.

Илаж соңында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент-жаслары тәрепинен таярланған «Жаслар сейили» атамасындағы композициялық көринис ҳәм концерт бағдарламалары көрсетилди.

 

 

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги