Бүгинги күни жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың экономикалық жетискенликлерге ерисиўи ҳәм өмирде өз орынларын таўып кетиўинде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўының раўажланыўы ең тийкарғы дәрек болып хызмет етеди.   

ϴзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2020-жыл 29-декабрь күни парламентке жоллаған Мүрәжатында жасларды қоллап-қуўатлаў мәселесине де  айрықша тоқтап, Өзбекстан жасларының бизнес ҳәм исбилерменлик тараўында зәрүр билим ҳәм көнликпелерин арттырыў кереклигин айтип өтти. Сол мунәсибет пенен мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында «Жаслар 1+1» жойбары шеңберинде  жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, оларды кәсипке бағдарлаў, билим сапасын арттырыў, жетик кадр жетистирип бериў мақсетинде Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен график тийкарында «Исбилерменлик тийкарлары» атамасында оқыў курслары шөлкемлестирилди.  Онда студент жаслар менен биргеликте улыўма орта билим бериў мектеплериниң питкериўши класс оқыўшыларын  интерактив методлар, арнаўлы слайд роликлер арқалы оқытыў жолға қойылған.

Оқытыў барысында электрон ҳүкимет ҳаққында, исбилерменлик субъектлериниң түрлери хәм оларды мәмлекетлик дизимнен қайта дизимнен откериў, исбилерменлик субъектлериниң шолкемлестириў ҳүжжетлери, fo.birdarcha.uz сайтлары арқалы  мәмлекетлик дизимнен өтиў басқышлары хәм тәртиплери ҳаққында оқыў семинарлары да шөлкемлестирилмекте.

Г.ХАЛМУРАТОВА,
Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайының қәнигеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.