Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль зайыбы менен бирге 13-июнь күни мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизге келди.
Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекеттиң байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Сапардың тийкарғы илажлары ертең, 14-июнь күни болып өтеди.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан – Корея дослық ҳәм айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.
Саммит жуўмақлары бойынша бир қатар ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, еки мәмлекет Президентлериниң биргеликтеги бизнес-форумда қатнасыўы күтилмекте.
Президент Юн Сок Ёль мәмлекетимиздиң бай мәдений-тарийхый мийрасы менен танысыў мақсетинде Самарқанд қаласына барады.
И.АВВАЛБОЕВ,
Н.ҲАЙДАРОВ (фото),
ӨзА