Джиемуратов Замир Айтмағанбетович Тақыятас районы ҳәкиминиң Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Мағлыўмат ушын, З.Джиемуратов жаңа лаўазымға тайынланыўына шекем Тақыятас районы ҳәкими орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы лаўазымында ислеп келген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.