Үлкемизге бәҳәр мәўсими кирип келди. Әтирап аймақты абаданластырыў, гүзар жол бойлары ҳәм жап-салмаларды тәртипке келтириў жумыслары әлле-қашан баслап жиберилди. Көше бойларын көгалландырыўда ҳәр қыйлы мийўе ҳәм декоратив нәллер отырғызылмақта.
Көпшиликтиң хабары бар, усы жыл 13-март күни мәмлекетимиздиң барлық аймақларында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилик өткериў бойынша Ҳүкимет бийлиги қабыл етилген еди. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында әтирап аймақты абаданластырыў ҳәм көгалландырыў бойынша шембилик өткерилди.
Онда ықтыярлы қатнасқан мийнет жәмәәти филиал әтирапының ҳәм мәдений дем алыў орынларының тазалығын сақлаўда абаданластырыў жумысларын жүргизди.
– Әтирап аймақтың тазалығын сақлаў ҳәр биримиздиң тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады, – дейди филиал жаслар аўқамы жетекшиси Ж.Бердимуратов – Шембилик даўамында оқыў орны аймағын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырылып, атыз ҳәм жап-салмалар тәртипке келтирилди. Наўрыз улыўмахалықлық байрамы алдынан белгилеўде аймақлардың тазалығын сақлаўға қаратылған илажға бәрше белсене қатнаспақта.
ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.
Қарақалпақстан хабар агентлиги