Пайтахтымыздағы Есжан бақсы атындағы балалар музыка мектебинде «Ески ырғақлар» сүрени астында қарақалпақ халқының материаллық емес мәдений мийрасларын додалаўға бағышланған дөгерек сәўбети өткерилди.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Т.Романов, И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң үлкен илимий хызметкери А.Пирназарова, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң материаллық мәдений мийрас объектлеринен үнемли пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бөлиминиң баслығы Т.Жумабаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, ҳәр бир халықтың тарийхы, мәденияты, басқа халықларда қайталанбайтуғын қәдриятлары бар. Халқымыздың әсирлер даўамында жаратқан теңи-тайы жоқ алтын ғәзийнесине айланған археологиялық-тарийхый естеликлерин, материаллық ҳәм материаллық емес мәдений мийрас объектлерин, миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлеримизди қайта тиклеў, кең түрде үгит-нәсиятлаў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларының бирине айланған.

Қарақалпақ халқы әзелден өзиниң миллий үрп-әдетлери, салт-дәстүрлери, бай аўызеки дөретпелери, бай әдебий мийрасларына, жыраўшылық, басышылық, сазендешилик, қыссаханлық, миллий аяқ ойынлары, балалар ойынлары, миллий өнерментшилик, кестешилик, зергерлик, қурақ қураў, қара үй соғыў ҳәм басқа да миллий мәдений байлықларына ийе болып, халқымыз елеге шекем оларды қәстерлеп сақлап келмекте.

– Партиямыздың сайлаўалды Платформасында да миллий, мәдений ҳәм руўхый байлығымыз, бай тарийхый мийрасларымыз, халқымыздың үрп-әдет, дәстүр ҳәм қәдриятларын қәстерлеп сақлаў қоллап-қуўатланады. Соннан келип шыққан ҳалда, халқымыздың мәдений, миллий-руўхый қәдриятларын терең ҳүрмет ететуғын Ўатансүйиўши инсанларды өз қатарына бирлестиреди,-дейди Т.Романов. – Ески дәўирлерден сақланып киятырған балалар ойынларынан қашарман ҳәм басқа да ойынларды жаслар арасында үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Миллий аяқ ойынлары» атамасында фестиваль өткерилди. Республикамыз аймағында жайласқан барлық материаллық мийрас объектлери толығы менен үйренилип, хатлаўдан өткериў жумыслары алып барылды.

Партиямыз тәрепинен материаллық ҳәм материаллық емес объектлерди қәстерлеп сақлаў, бул бойынша бирге ислесиў мақсетинде Мәденият министрлиги менен мәморандум дүзилип, биргеликте жумыслар алып барылмақта.

Дөгерек сәўбети қатнасыўшылары усы бағдарда бирге ислесиў, дизимге алынбай қалған айырым объектлерди үйрениў ҳәм дизимге алыў бойынша пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги