8-март – Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен республикамыздың барлық аймақларында байрам илажлары болып өтпекте.

Усындай байрам илажы  Шоманай районындағы 13-санлы Балалар Музыка ҳәм көркем өнер мектебинде болып өтти.

Оған райондағы барлық сектор басшылары,  мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Онда  район ҳәкими Б.Янгибаев  шығып сөйлеп, район ҳаял-қызларын байрам менен қызғын қутлықлап,  «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген  6 ҳаял-қызға ѳзин-ѳзи бәнт етиў ҳәм хожалығына қосымша дәрамат табыўға жәрдемлесиў мақсетинде тигиў машиналарын саўға ретинде  тапсырды. Сондай-ақ, илажда халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли мийнет етип атырған бир қатар  белсенди ҳаял-қызлар ҳәм бүгинги күни ҳүрметли мийнет дем алысындағы нураный апалар да район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған байрам саўғалары менен сыйлықланды.

Салтанатлы илажда байрам қатнасыўшыларына Шоманай районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған «Ҳаял гөззалығы әлемди безер»  атлы театрластырылған концерт бағдарламасы қойып берилип, бул жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

 

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги