Президентимиздиң усынысы менен, Қараөзек районын шарўашылыққа, жоңышқа туқымгершилигине ҳәм боян тамыр жетистириўге қәнигелескен районға айландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Сол мақсетте райондағы фермер хожалықларына  ҳәм халыққа қара мал, қой, ешкилерди жеткерип бериў ушын жеңиллетилген кредит есабынан «Тербенбес» агрофирмасы тәрепинен Қашқадәрья ўәлаятынан 104 бас қой, ешки ҳәм 72 бас қарамал алып келинди.

Сондай-ақ, «Панаев фармс» фермер хожалығына Голландия мәмлекетинен  62 бас нәсилли қарамал ҳәм 321 бас нәсилли ешки алып келиў ушын  900 млн сумлық кредит қаржылары ажыратылды.

Буннан тысқары «Агробанк» тиң Қараөзек районлық филиалы  тәрепинен 174 пуқараға 1 млрд 239 млн сум, «Халық банки» тәрепинен 45 пуқараға 295 млн. 600 мың, жәми 1 млрд. 534,6 млн. сум кредит қаржылары қарамал ҳәм қой, ешкилер алыўға  ажыратып берилди.

Район бойынша 1525 гектарға жоңышқа егиў режелестирилип, бул жумысларды әмелге асырыў нийетинде 172 фермер хожалығы ҳәм «Қорақалпоқ беда» агрофирмасы арасында шәртнамалар дүзилди.

Бүгинги күнде 978,6 гектар  жерге егилген  жоңышқа туқымынан толық нәл алыўға ерисилди.

Районда боян өсимлигин егип жетилистириў ушын
еки жуўапкершилиги шекленген жәмийет  ҳәм Қарөзек мәмлекетлик тоғай хожалығына жер майданлары ажыратылып берилди.

Райондағы «Шифоли илдиз» ЖШЖ  75 гектарға, «Қараөзек лакрица» ЖШЖ 75 гектарға, Қарөзек мәмлекетлик тоғай хожалығы 40 гектарға боян өсимлигин егиўди режелестирген. Ҳәзирги күнде бул жумыслар табыслы даўам етпекте.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы