Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Беруний районлық бөлими тәрепинен «Қарақалпақагрохимияқорғаў» акционерлик жәмийетиниң мүрәжаты бойынша өткерилген тергеўге шекемги тексериў барысында усындай жағдай анықланды.
Атап айтқанда, жәмийеттиң Беруний районы филиалының лаўазымлы шахслары өз лаўазымларынан пайдаланған ҳалда, «Марказий» минерал төгинлерди тарқатыў шақапшасына кирис етилип, өзлерине исенип тапсырылған минерал төгинлерди жеке мәплерине пайдаланып жиберген. Нәтийжеде улыўма баҳасы 872,4 миллион сумлық 446,9 тонна минерал төгин өзлестириў ҳәм растрата етиў жолы менен талан-тараж етилген.
Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.