Бул ҳаққында МҒКАда болып өткен брифингде ӨзР Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мәлимлеме хызмети баслығы Ш.Аҳматов айтып өткен.
Атап өтилиўинше, 2020-жыл 1-ноябрь жағдайы бойынша өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда Өзбекстанға мобиль телефонның нызамлы импорты дерлик 10 есеге артқан.
2020-жыл январьдан 1-ноябрьге шекем Өзбекстан 781,7 мың мобиль телефон импорт еткен.
Дүньядағы «ТОП-10»лыққа киретуғын «Samsung» компаниясының Өзбекстанда 4 рәсмий офиси ашылды.
Жақын күнлерде «Apple» компаниясының да рәсмий офислери ашылыўы жобаластырылмақта.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.