Усы жыл 17-декабрь күни Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң гезектеги он бесинши сессиясы болып өтти.

Сессия қатнасыўшылары дәслеп район өнерментлери, исбилерменлери ҳәм өндирис кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбеси менен танысты.

Күн тәртибиндеги 2020-жылда әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы, келеси 2021-жылда районды социаллық-экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша район ҳәкими Ж.Ермашев халыққа  мүрәжатын оқып еситтирди.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың өткен он айы даўамында районда санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 338,8 миллиард сумды (107,2 процент), халық тутыныў товарларын ислеп шығарыў көлеми 162,8 миллиард сумды (103,1 процент), қурылыс жумысларының көлеми 199 миллиард сумды (92,4 процент), хызметлер көлеми 211,6 миллиард сумды (102,7 процент), усақлап сатыў  саўда айланысы көлеми 561,1 миллиард сумды (100,9 процент) қурады.

Быйылғы жылдың өткен дәўиринде  район халқын социаллық қоллап-қуўатлаўға жергиликли бюджеттен 29 миллиард 415,2  миллион сум қаржы ажыратылды.  Буннан тысқары, усы категориядағы 854 физикалық ҳәм юридикалық тәрепке жәми 21 миллиард 594,5 миллион сум жеңиллетилген кредит ажыратылды. Соннан «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 783 пуқараға 17 миллиард 737,7 миллион сум, «Өнерментшиликти раўажландырыў» бағдарламасы тийкарында 48 пуқараға 1 миллиард 408,8 миллион сум,  «Бәнтликке көмеклесиў» бағдарламасы тийкарында 4 пуқараға 200  миллион сум, «Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў» қоры есабынан 12 пуқараға 244  миллион сум, «Жаслар келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 7 жасқа 2 миллиард 34 миллион сум муғдарында кредит берилди.

Халықты ишимлик суўы, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы менен тәмийинлеў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, райондағы «Саманкөл» ҳәм «Сарышүңгил»  аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм «Водник» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында 14,8  километр узынлықтағы ишимлик суў тармағы тартылды. Нәтийжеде 525 шаңарақ ишимлик суўы менен тәмийинленип, улыўма халықтың санына салыстырғанда таза ишимлик суўы менен тәмийинлениў 84,2 процентти қурады. «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети қаржылары есабынан 21 мың 850 шаңарақ АСКУЭ системасына жалғанды.  Буннан тысқары, 23 трансформатор пункти толық оңланған болса, 14 трансформатор пунктинде реконструкция жумыслары алып барылды. Быйылғы жылы бюджеттен ажыратылған 355 миллион сум қаржы есабынан 1,9 километр узынлықтағы газ тармағында реконструкция жумысы исленди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша районда шараўашылықты раўажландырыў бағдарында улыўма баҳасы 56 миллиард 202 миллион сумлық 20 жойбар режелестирилген болып, соннан бүгинги күнге 27  миллиард 439 миллион сумлық 6 жойбар әмелге асырылды. Усының есабынан Германия, Австрия, Нидерландия мәмлекетлеринен 284 бас қарамал алып келинип, 21 жаңа жумыс орны жаратылды. Атап айтқанда, «Шаҳжаҳон Юсупов» фермер хожалығына 30 бас, «Исламбек Хожели» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 31 бас, «Проф Бек Хожели» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 28 бас, «Элбек Хожели» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 31 бас, «Ғафур Ғулам шарўа» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 164 бас нәсилли қарамал алып келинип, бүгинги күни күтимли бағылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында районда 2020-2022-жылларда улыўма баҳасы 259,2  миллиард сумлық 99 жойбарды әмелге асырыў, усының есабынан 721 жаңа жумыс орнын жаратыў белгиленген.  Соннан быйылғы жылы 44 жойбар әмелге асырылып, соның есабынан 182 жаңа жумыс орны жаратылды. Буннан тысқары жергиликли инвестиция бағдарламасына киргизилген 54 жойбар әмелге асырылып, 256 жумыс орны, тиккелей сырт ел инвестициясы тийкарында 2,5 миллион АҚШ долларлық санаат ҳәм шарўашылық жойбары әмелге асырылып, 31 жумыс орны жаратылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018 жыл 6-марттағы қарарына муўапық «Қумбыз» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы бос турған 3,7 гектар майданда киши санаат зонасы шөлкемлестирилди.  Оларда 9 миллиард 700 миллион сумлық 10 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 58 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилди. Соннан бүгинги күнде 7 объектке жоқары технологиялық өндирислик үскене орнатылып, импорттың орнын басыўшы, экспортқа бағдарланған, районда бурын болмаған полипропилен трубалар, ванналар, йодланған ас дузы сыяқлы өнимлерди шығарыў жолға қойылды.  Сондай-ақ,   «Аббазбек строй» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде жылына 2 мың тонна кир жуўыў порошоги, «Юнайтед капитал» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде күнине 120 тонна бийдай қайта исленип, 90 тонна ун өними ислеп шығарылмақта. Кәрхана өнимлерин Аўғанстан мәмлекетине эскпорт етиў нәзерде тутылмақта.

Районда өткен жылы 2 миллион 171 мың АҚШ доллары муғдарындағы өним экспорт етилген болса, быйылғы жылдың өткен айлары даўамында 3 миллион 931 мың АҚШ доллары муғдарындағы өним экспортқа шығарылып, реже 181 процентке орынланды. Экспорт шеңбери де кеңейип, өткен жылы өнимлер 4 мәмлекетке экспортқа шығарылған болса, быйылғы жылы 7 мәмлекетке экспорт етиўге ерисилди.

Буннан басқа аўыл хожалығы ҳәм социаллық тараўларда, атап айтқанда,  халықты социаллық қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў бағдарындағы жумысларға тоқтап өтилди. Жетискенликлер менен бирге орын алып атырған кемшиликлер, алда турған жуўапкерли ўазыйпалар сөз етилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы О.Атаниязова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Т.Романов, Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутатлары ҳәм белсендилер быйылғы жылдың өткен дәўиринде исленген жумыслар бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Сессияда күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Сессиядан соң баспасөз конференциясы өткерилип, онда сектор басшылары ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы