Миллий жарасыў жоқары кеңесиниң баслығы Абдулла Абдулла басшылығындағы Аўғанстан Ислам Республикасы делегациясы 11-ноябрь күни әмелий сапар менен елимизге келди.

Сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комиловтың Абдулла Абдулла менен ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиў ўақтында ҳәр қыйлы тараўлардағы көп қырлы Өзбекстан – Аўғанстан қатнасықларының ҳәзирги жағдайы ҳәм байланысларды буннан былай да жеделлестириў перспективасы додаланды.

Аўғанстанда беккем тынышлық орнатыў және регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.

Транспорт, логистика, энергетика, саўда ҳәм билимлендириў тараўларында инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў арқалы еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Аўғанстанда тез арада тынышлық ҳәм турақлылыққа ерисиў ушын усы елди Орайлық Азиядағы интеграция процесине тартыўды жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиўлерде еки тәреп күн тәртибиниң өз-ара пайдалы басқа мәселелери де көрип шығылды.

Усы күни Бас министрдиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзоқов Аўғанстан делегациясының ағзалары менен сөйлесиў өткерди.

Сөйлесиў ўақтында инвестиция, саўда-экономикалық, транспорт ҳәм логистика, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм келешеги, сондай-ақ, аймақлық шеңберлердеги бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Тәреплер регионда турақлы раўажланыў ҳәм экономикалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли факторы сыпатында Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылық тәмийинлениўи зәрүр екенлигин атап өтти.

Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланысларды беккемлеў, транспорт-энергетика инфраструктурасын жетилистириў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, Транс-Аўғанстан транспорт жолын раўажландырыў ҳәм «Сурхан-Пули-Хумри» электр жеткериў тармағын иске қосыўды жеделлестириў бойынша пикир алысылды.

Басқа мәмлекетлердиң базары ушын өним ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиўди нәзерде тутқан ҳалда, еки ел исбилерменлери арасында санаат кооперациясы ҳәм бизнес байланысларын тереңлестириў мәселеси де дыққат орайында болды.

Аўған тәрепи Өзбекстан менен билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў дәрежесин, атап айтқанда, Аўғанстан пуқаралары елимиздиң жоқары оқыў орынларында оқытылып атырғанын жоқары баҳалады.

Ушырасыў жуўмағы бойынша еки елдиң социаллық-экономикалық раўажланыўын жеделлестириў ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе биргеликтеги жойбарларды раўажландырыў бойынша тығыз бирге ислесиўди жеделлестириўге қаратылған бирге ислесиў шеңбериндеги келеси режелер белгилеп алынды.

Мийманлар, сондай-ақ, Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет және Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң администрациясы менен де ушырасты.

 

 Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы